Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.09.2022 17:00
  • 578

Мусылманлар басқармасы өзбекстанлыларды Россия-Украина урысында қатнаспаўға шақырды

 

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Россия ҳәм Украина сыяқлы урыс болып атырған аймақларда жасап атырған жерлеслеримизди түрли ўәделер, алдаў ҳәм шақырықларға исенбеўге шақырды. Бул бойынша басқарманың Пәтўа орайы билдириў жәриялады.

 

«Айырым терроршы шөлкем ўәкиллери жағдайдан пайдаланып, «жиҳад» даўасы астында ҳәр қыйлы бузғыншылықларға шақырық пенен шықпақта. Тийкарында болса, мусылман адамның өз ўатанын қорғаўдан басқа ҳәр қандай әскерий ҳәрекетлерде қатнасыўы шәрият бойынша орынлы болмайды. Бул ҳаққында мазҳабымыздың уллы алымларының бири Имам Муҳаммад «Ас-Сиярул-кабир» китабында былай деген: «Мусылманлар ғайрыдинлер менен бирлесип, басқа ғайрыдин жәмәәтке қарсы урысыўы орынлы емес», - деп жазылған хабарда.

 

«Бул урысқа «жиҳад» атамасын бериў жаўызлықтан басқа нәрсе емес. Өйткени, Ислам шәриятында жиҳад ушын белгилеп қойылған өзине тән шәрт ҳәм талаплар бар. Егер шәртлер табылмаса, ол ҳеш қандай жиҳад есапланбайды. Оның орнына, ол Исламда ҳарам етилген урыс болады. Оған қатнасқанлар Аллаҳтың шәриятына қарсы шыққан шәйтан әскерлери қатарында болады. Бунда өлтиргенлер жан алыўшы, өлгенлер болса гүнәсы менен жан берген бағыйлар болады», - деп жазылған билдириўде.

 

Атап өтилиўинше, гүреслер, қарама-қарсылықлар, дүньяны қайта бөлисиўге бағдарланған ойынлар ҳәўиж алған бир ўақытта террор ҳәм бузғыншылықлар, тәртипсизлик ҳәм руўхый дағдарыслар ҳәр қашанғыдан қәўипли түске енбекте. «Сонлықтан, бүгинги күнниң мусылман адамы ҳәр қашанғыдан да сергек болыўы зәрүр. Соның менен бирге, адамзат раўажланыўына қәўип салып атырған түрли тил бириктириўлер ҳәм урыслар дәўиринде ҳәр қыйлы алдаўларға араласпаўы керек», - деп атап өтилген басқарманың хабарында.

 

Өзбекстан мусылманлары басқармасы усы сыяқлы тил бириктириўлерге араласыў шәрият бойынша ҳарам есапланатуғынлығын атап өтти. Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылықта да сырт мәмлекетлердиң әскерий структуралары, нызамға қайшы диний шөлкемлер ҳәм терроршы топарлар қурамына ағза болыў қадаған етилген.

 

«Жуўмақлап айтқанда, Ислам дини еки жәмәәт арасында урыс басланса, олардан бирине қосылып, оны ҳәўиж алдырыўға емес, ал тынышлыққа ерисиўге шақырады. Буннан келип шығып, биз жерлеслеримизди түрли алдаўшы үгит-нәсиятларға ермеўге, тил бириктириўлерден аўлақ болыўға шақырамыз», - деп жазылған билдириўде.

 

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

    Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер