Бүгиннен баслап, Нөкис, Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Әмиўдәрья районлары ҳәм Нөкис қаласындағы жәми 98 улыўма билим бериў мектеплеринде баслаўыш класс (1-4-класс) оқыўшылары ушын бийпул таяр азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў жумыслары басланды.
ҚР Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, улыўма орта билим бериў мектеплеринде баслаўыш класс (1-4-класс) оқыўшыларын бийпул азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бойынша улыўма билим бериў мектеплери жәми 64 лотқа ажыратылып, Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасына таңлаў (тендер) өткериў ушын дағаза орналастырылды.
Бунда исбилерменлик субъектлери Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасы арқалы таңлаўға қатнасып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған техникалық талапларға жуўап беретуғын исбилерменлер «Сатып алыў (харид) комиссиясы» тәрепинен таңлап алынды.
Таңлаў жуўмағына муўапық, 9 лот ушын жеңимпаз деп табылған исбилерменлик субъектлери тәрепинен шәртнамалар дүзилип, 98 улыўма билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс оқыўшыларына усы жыл 10-октябрь сәнесинен баслап, бийпул таяр азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў жумыслары басланды.
Сондай-ақ, 33 лот «Сатып алыў (харид) комиссиясы» тәрепинен баҳалаў жумыслары алып барылмақта. Қалған 22 лот таңлаў (тендер) өткериў (талабан ҳәм тастыйықланған техникалық талапларға жуўап беретуғын исбилерменлер табылмағанлығы) ушын платформаға қайта орналастырылды.
Оқыўшыларды аўқатландырыў Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлық саламатлық басқармасы және Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған, тастыйықланған мәўсимлик азық-аўқат өнимлери ҳәм усы азықлық өнимлерди таярлаў технологиялық карталары тийкарында шөлкемлестирилген.
Karinform.uz.