Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.10.2022 11:00
  • 871

Қарақалпақстанлылар өзгеше астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин

Усы жылдың 25-октябрь күни Жер жүзиниң халқы қатарында Қарақалпақстан Республикасының турғынлары да өзгеше астрономиялық ҳәдийселердиң бирин бақлаўы мүмкин.

 

Өзбекстан Илимлер Академиясы Улығбек атындағы Астрономия институтының киши илимий хызметкери, қарақалпақстанлы жас астроном Азизбек Матековтың бизге мәлим етиўинше, бул ҳәдийсе үлесли Қуяш тутылыўы болып, тутылыўдың толық фазасында Қуяш бетиниң дерлик 82 проценти тосылады. Қуяш тутылыўының улыўма даўамлылығы 4 сааттан аслам болып, Өзбекстанда оның 2 сааттан аслам бөлеги бақланады.

 

 

Бул астрономиялық ҳәдийсени Исландия ҳәм Гренландия атаўлары, Африканың арқа-шығыс бөлеги, Европа, Жақын Шығыс, Батыс Сибирь ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң халқы бақлаўы мүмкин.

 

Қарақалпақстанда үлесли Қуяш тутылыўын бақлаў

 

Үлесли Қуяш тутылыўы Өзбекстанның барлық аймақларында дерлик бирдей үлкен фазада бақланады. Максимум фазада Қуяш бетиниң 68 процентке шекемги болған бөлими Ай тәрепинен тосылады. Қуяштың батып кетиўи себепли айырым аймақларда тутылыўдың улыўма даўамлылығы аз ўақыт болады.

 

 

Нөкис қаласында тутылыў саат 15:08 де басланып, 16:23 те тутылыўдың максимум ўақты бақланады ҳәм саат 17:33 те жуўмақланады. Үлесли Қуяш тутылыўы Нөкис қаласында 2 саат 25 минут даўам етип, тутылыўдың максимал фазасында Ай Қуяш бетиниң 68 процентин тосады.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, үлесли Қуяш тутылыўы – Қуяш бетиниң белгили бир бөлими Ай тәрепинен тосылыў жағдайы болып табылады. Қуяш тутылыўының үлесли болыўы Ай ҳәм Қуяш орайларының үстпе-үст түспестен тосылыўы менен характерленеди.

 

Қуяш тутылыўын бақлаў бойынша усыныслар

 

Қуяш тутылыўын арнаўлы Қуяш нурын жутатуғын қара көзәйнек, қаралтым тегис шиша ямаса кепсерлеў маскасы жәрдеминде бақлаў мүмкин.

 

 

Оптикалық қурылмалар есапланатуғын дурбин ямаса телескоптан пайдаланған ҳалда ҳешқашан Қуяшқа қараўшы болмаң. Бул көзиңизге зыян жеткереди. Қурылмалардан пайдаланыўдан алдын оларға, әлбетте, арнаўлы Қуяш фильтрлерин орнатыў керек.

 

 

Қуяш тутылыўын оптикалық әсбаплар жәрдеминде белгили бир экранға проекциялаў арқалы да бақлаў мүмкин. Бирақ, бул жағдай узақ даўам етсе, оптикалық әсбаплар Қуяш нурын жыйнап бергенлиги ушын қызып кетиўи мүмкин.

 

Қосымша мағлыўматларды төмендеги силтеме арқалы алыўыңыз мүмкин http://astrin.uz/uz/news/ubai_event/event_25102022.php

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...