Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.11.2022 11:00
  • 909

Магистратураға қабыллаў бойынша әҳмийетли жаңалық жәрияланды

 

Мәмлекетлик комиссияның тийисли қарарына муўапық быйылғы оқыў жылында тек ғана мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына C1, B2 миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болып, ҳүжжет тапсырған, бирақ квота шеңберинде студент бола алмағанларға белгиленген базалық төлемли контракттиң 1,5 есесинен көп болмаған муғдардағы төлем тийкарында магистратурада оқыў имканияты жаратылды.

 

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, оқыўды қәлеўшилер жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссияларына мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Сондай-ақ, 2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына декабрь-январь айларындағы таңлаўда алдынғысынан өзгеше тәризде шет тилин билиў дәрежесине қарамастан (C1 ямаса B2 сертификатынан тысқары басқа дәрежедеги) сертификатқа ийе талабанлар да қатнасыўына рухсат берилди.

 

Әҳмийетли тәрепи, оқыўға қабыл етилген студентлер оқыўы даўамында талап етилгениндей миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатты алыўы керек болады. Керисинше жағдайда жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясына рухсат берилмейди.

 

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилерге 2022-жыл 20-декабрьден 2023-жыл 10-январьға шекем (сол күни де) magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өтиў имканияты жаратылады.

 

Таңлаў нәтийжелери бакалавриат дипломының орташа баллары тийкарында анықланады.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Президенттиң тийисли қарарына муўапық абитуриент филология бағдарлары бойынша кеминде C1, филологиялық емес бағдарлар бойынша болса B2 дәрежедеги миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыў талабы белгиленген.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған