Қазақстан Республикасының Астана қаласында қарақалпақ ҳәм қазақ тилши илимпазлары авторлығындағы «Қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы-паремиологиялық сөзлиги» китабы баспадан шықты. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Сөзликте қарақалпақ ҳәм қазақ тиллериндеги нақыл-мақаллар салыстырылып, олардың мәнилерине түсиник берилген. Соның менен бирге, ҳәр бир нақыл-мақаллардың изинде олардың рус ҳәм инглис тиллериндеги мәнилери де келтирилген.
Сөзликти дүзиўге қарақалпақ илимпазларынан филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Н.Абдиназимов ҳәм оның шәкирти PhD Г.Алламбергеновалар қатнасты.
Қазақстан пайтахтындағы «Булатов А.Ш» баспасында жарық көрген бул сөзликтиң редакторы белгили қазақ тилши илимпазы, филология илимлериниң докторы М.Ескеева болып, көлеми 732 бет, 52,4 баспа табақты қурайды.