Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап дәстүрий (офлайн) тәризде оқыў процеси басланады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, «Өзгидрометеорологиялық орайының хабарына бола, 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып» усындай шешимге келинген.
Сондай-ақ, 12-18-январь күнлери барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде ҳәр қандай мәжилислер, илажлар, оқыўшылар ушын қосымша дөгереклер, спорт жарыслары ҳәм басқа да жыйналысларды өткериў қадаған етилди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли протоколы тийкарында 2023-жылдың 11-январь күнинен баслап республикамыздағы жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлерде оқыў процеси жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда басқышпа-басқыш басланыўы белгиленген еди.
Karinform.uz.