Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.01.2023 14:00
  • 1624

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

 

Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир пуқара алған дене жарақаты ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған ҳәм еки пуқара дене жарақатын алып, районлық медициналық бирлеспеге орналастырылған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

26-январь күни районлық Мәмлекетлик салық инспекциясында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашев, районлық сектор басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм пуқаралар қатнасыўында ушырасыў өткерилип, ҳәдийсениң келип шығыў себеплери ҳәм ақыбетлери додаланған.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 25-январь күни саат 13:42 де асханада газ шағылысыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген ҳәм ўақыя орнына 2 өрт-қутқарыў экипажы жетип барған. Ҳәдийсе ақыбетинде асханада жумыс ислейтуғын 3 пуқара ҳәр қыйлы дәрежеде жарақатлар алып, соннан пуқара Н.З. ўақыя орнында қайтыс болған, ал пуқаралар Ж.У., С.Д.ларға медициналық жәрдем көрсетилип, ҳәзирги ўақытта олар емлеўханада емленбекте.

 

Мәлим болыўынша, ҳәдийсе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 259-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

«Сондай-ақ, районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы лаўазымлы шахслары қарсысына хызмет тексериўи жүргизилмекте», - деп жазды ҳәкимлик мәлимлеме хызмети.

 

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.