Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы төрт қабатлы турақ жайдың 4-қабатында жайласқан квартиралардың биринде ҳаўа-газ араласпасының шағылысыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген. Жүзеге келген кинетикалық соққы нәтийжесинде имарат конструкцияларының бөлимлерине зыян жеткен. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги мәлим етти.
Жарылыў ақыбетинде дәслеп еки адамның, соңынан және бир пуқараның күйиў дене жарақаты менен емлеўханаға жатқарылғанлығы, кейин ала усы жәбирленген пуқаралар зәрүр медициналық ҳәм психологиялық жәрдемди алғаннан соң емлеўханадан шығарылғанлығы мәлим етилди.
Оператив түрде ўақыя орнына жетип барған АЖМ қутқарыўшылары ҳәм тийисли мәкемелердиң хызметкерлери тәрепинен излеў-қутқарыў жумыслары алып барылып, 30-январь күни саат 02:30 ларда түрли дәрежедеги жарақатлар менен қулаған имарат қалдықлары арасынан 5 жаслы қыз шығарып алынып, қәнигели медициналық жәрдем көрсетиў ушын емлеўханаға жиберилген. Сондай-ақ, арадан 30 минут өтип, имарат конструкциялары арасынан бир адамның, ал ерте таңда болса және 4 адамның өли денеси табылған. Солай етип, ўақыя акыбетинде қайтыс болғанлар саны 5 адамды қурады.
Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Республика прокуроры, Айрықша жағдайлар басқармасы, Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия, мәкеме-шөлкемлер менен денсаўлықты сақлаў хызметкерлери жетип барып, сол ўақыттың өзинде излеў-қутқарыў жумысларын алып барыў мақсетинде оператив штаб дүзилип, барлық зәрүрли техника ҳәм исши күшлер мобилизация етилди.
Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жарылыў жүз берген турақ жайда жасаўшы пуқаралар қәўипсиз орынға көширилип, оларға керекли дәри-дармақ өнимлери, үш мезгил ыссы аўқат ҳәм басқа да зәрүрли затлар Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен тәмийинленди.
«Жүз берген аўыр жағдай ақыбетинде 3 пуқара бетон конструкциялар арасынан оператив түрде алып шығылып, емлеўханаға жеткерилди ҳәм шыпакерлердиң рухсаты менен үйлерине жуўап берилди. Соның менен бирге 5 жасар қыз аўыр бетонлар астынан қутқарып алынды. Ҳәзирги ўақытта ол шыпакерлер қадағалаўында. Бахытсыз ҳәдийсе себепли қулап түскен бетон конструкциялар астында 5 пуқара мезгилсиз дүньядан көз жумды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қайтыс болған инсанлардың ата-ана, туўған-туўысқанлары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди. Жәбирленгенлердиң тез арада саламатлығын тиклеп, аяққа турыўын тилеп қалады.
Ўақыя ақыбетинде жүзеге келген жағдайды сапластырыў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўында алып барылмақта», - деп жазылған Жоқарғы Кеңестиң рәсмий билдириўинде.
Ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 259-статьясы 2-бөлими «б» бәнти менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
«Ҳәзирги ўақытта айыплы адамлар шеңберин анықлаў, оларды жынайый жуўапкершиликке тартыў мәселеси шешилмекте», - деп хабар берди республика прокуратурасы.
Жарылыў жүз берген имаратта Айрықша жағдайлар министрлигиниң қутқарыўшылары тәрепинен ўақыя ақыбетлерин сапластырыў жумыслары даўам етпекте.
«Karinform.uz» сайты редакциясы усы кеўилсиз ўақыя ақыбетинде қайтыс болған адамлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады. Ҳәдийсе ақыбетинде жарақат алған адамлардың тезирек аяққа турып, денсаўлығын тиклеп алыўына тилеклеслик билдиреди.
Karinform.uz