Telegram karinform

Мақала

  • 05.12.2024 10:00
  • 349

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

 

Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде социаллық тармақ пайдаланыўшыларының саны 5 миллиардтан артық адамды қурайды, бул болса дүня халқының 62% ине туўры келеди.

Усы жылдың январь айындағы мағлыўматқа тийкарланатуғын болсақ, Өзбекстанның 29,52 миллион халқы интернеттен пайдаланатуғын болса, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 3 миллионға артқан. Ал, социаллық тармақ пайдаланыўшылары болса 8,70 миллионға жетип, ол халықтың 24,6% үлесине тең. Социаллық тармақ пайдаланыўшыларын жас категориялары бойынша анализлейтуғын болсақ, соннан 18 жастан жоқары жастағы пайдаланыўшылар 7,50 миллионнан асламды қурайды.

 

Сизиңше, социаллық тармақлардан қайсы жыныс ўәкиллери көбирек пайдаланады?

 

Бул да көпшилик ушын қызық болған мағлыўмат. Өзбекстан бойынша социаллық тармақлардан пайдаланыўшыларды жыныс өзгешелиги бойынша алып қарайтуғын болсақ, ер адамлар ҳаял-қызларға салыстырғанда еки есе көп екен, яғный тармақ пайдаланыўшыларының 37% ҳаял-қызлардан ибарат болса, қалған 63%и ер адамлардың үлесине туўры келеди.

 

 

Мәмлекетимизде қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

 

Елимизде Instagram, Facebook, TikTok, Х, LindekIn сыяқлы социаллық тармақлардан жийи қолланылады. Солардың арасында ең көп жазылыўшысына ийе социаллық тармақ Instagram есапланып, бүгинги күнде Өзбекстаннан 8,70 миллион пайдаланыўшы дизимнен өткен. Бул көрсеткиш пенен Instagram ең көп қолланылатуғын социаллық тармақлар дизиминиң биринши текшесинен орын алған. Екинши орында 2,15 миллион пайдаланыўшысы менен Facebook социаллық тармағы ийеледи. Буннан соң ҳәр түрли таяр шаблонлар тийкарында видеоларды өзинде қамтыўшы TikTok 3,12 миллион пайдаланыўшысына ийе. Буннан соң 630,0 мың пайдаланыўшы менен LinkedIn, Facebook messenger болса 588,3 мың, Х социаллық тармағы 165, 4 мың пайдаланыўшысы мененкейинги орынларды ийелеген.

 

 

Күнине неше саат социаллық тармақларға сарыпланбақта?

 

Бүгинги күнде Датарепорталдың берген мағлыўматларына қарағанда, дүня жүзи интернет пайдаланыўшылары күнине орташа 2 саат 23 минут ўақтын социаллық тармақларда өткермекте.

Айырым мәмлекетлер болса, бул социаллық тармақлардың пайдалы тәреплери аз екенлиги бәнеси менен олардан пайдаланыўда шеклеўлер қойылған. Еритрея ҳәм Түркменстан мәмлекетлери усы мәмлекетлер қатарынан орын алған болып, бул мәмлекет ҳүкиметлери социаллық тармақлардан пайдаланыўда шеклеўлер орнатқан.

 

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында