Telegram karinform

Сиясат

  • 08.01.2025 13:05
  • 163

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

 

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport Index сайтында жәрияланған мағлыўматларда келтирилген. 

Өзбекстан Канаданың Arton Capital консалтинг фирмасы тәрепинен дүзилген Passport Index рейтингинде 95 орыннан 68-орынды ийеледи. 2024-жылда бул рейтингде 70-орынды ийелеген еди. Индексти дүзиўде компания паспорт ийелери қанша мәмлекетке визасыз бара алыўы яки сырт елге барғаннан кейин виза алыўы мүмкин екенлиги баҳаланған. Рейтингде бир орынға бирнеше мәмлекетлер туўры келеди.

Өзбекстан пуқаралары 32 мәмлекетке визасыз барыўы мүмкин, 46 мәмлекетке визаны жетип барғаннан кейин ала алады, 120 мәмлекетке барыў ушын болса белгиленген тәртипте виза алыў керек болады.

Өзбекстан пуқаралары төмендеги мәмлекетлерге визасыз кириўи мүмкин:

  • Антигуа ҳәм Барбуда;
  • Арманстан;
  • Барбадос;
  • Беларус;
  • БАӘ;
  • Доминика;
  • Иран;
  • Палестина;
  • Филиппин; 
  • Гаити;
  • Гамбия;
  • Грузия;
  • Кения;
  • Кот-д'Ивуар;
  • Малайзия;
  • Микронезия;
  • Монголия;
  • Молдава;
  • Намибия;
  • Әзербайжан;
  • Қырғызыстан;
  • Қазақстан;
  • Россия;
  • Сент-Винсент ҳәм Гренадин атаўлары;
  • Сейшел атаўлары;
  • Шри-Ланка;
  • Суринам;
  • Тайланд;
  • Тажикстан;
  • Украина;
  • Умман.

2024-жылда Өзбекстан пуқаралары ушын БАӘ, Умманда визасыз турыў ҳуқықы берилди, Қытайға 30 күнге шекем визасыз саяхат етиў имканиятын беретуғын келисимге қол қойды. 

Орайлық Азия мәмлекетлери рейтингинде Қазақстан 52-орында (46 мәмлекетке визасыз режим), Қырғызстан 68-орында (30 мәмлекетке визасыз режим), Тәжикстан 72-орында (27 мәмлекетке визасыз режим), Түркменстан 76-орында (18 мәмлекетке визасыз режим).

Аўғанстан рейтингде ең төменги орыннан бир текше алдында. Аўғанстанлыларды тек 6 мәмлекет визасыз мәмлекетке киргизеди. 

Дүньядағы ең күшли паспорт ийелери БАӘ пуқаралары болды. Олар 133 мәмлекетке визасыз бара алады, 47 мәмлекетке барғаннан соң виза алыўы мүмкин. Рейтингде ең төменги орынды Сурия ийеледи. Бул мәмлекеттиң пуқаралары 9 мәмлекетке визасыз барыўы, 31ине барғаннан соң виза алыўы мүмкин.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...