Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2025 22:10
  • 207

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

 

Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ талапларына муўапықластырылады, деп хабар береди Kun.uz.

Президенттиң «Өзбекстан – 2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекет бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманының жойбары жәмийетшилик додалаўына қойылды. 

Азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин бақлаў системасын күшейтиў ҳәм усы тийкарда санитария қағыйдаларын ислеп шығып, нормаларды жоқары стандартларға муўапықластырыў мақсетинде:

 

2025-жыл 1-июльге шекем Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң лабораторияларын азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў илажлары көриледи;

 

2025-жыл 1-августқа шекем азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары Жәҳән саўда шөлкеми талапларына муўапықластырылыўы тәмийинленеди.

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы