Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы Иерусалим қаласын Израильдың пайтахты деп есаплаўдан бас тартты. Бас Ассамблея Иерусалим бойынша АҚШтың шешимин мойынламайтуғынлығы ҳаққында қарар қабыл етти, деп хабар бермекте Baq басылымы.
Бул шешимди 128 мәмлекет, соның ишинде, БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң АҚШтан басқа барлық турақлы ағзалары қоллап даўыс берген. 9 мәмлекет қарарға қарсы болған, ал 35 мәмлекет бийтәреп қалған.
Буған шекем БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң усындай мазмундағы қарары жобасына турақлы ағзалардың барлығы жақлап даўыс берип, тек ғана АҚШ вето қойғанлықтан БМШ Бас Ассамблеясының гезексиз жыйналысы шақырылған. БМШ Бас Ассамблеясының пийшемби күни қабыллаған қарары Вашингтон вето қойғай жоба тийкарында өзгериссиз қалдырылды.
Қабылланған қарарда Иерусалимди Израиль пайтахты деп тән алыўдан бас тартыўға шақырған, бирақ текстте АҚШ ҳаққында айтылмаған. Сондай-ақ, ҳүжжетте Иерусалим бойынша БМШ Қәўипсизлик Кеңесине қайшы келетуғын шешимлердиң «нызамлы күшке ийе болмайтуғынлығы» айтылған.
Буған шекем АҚШ президенти Дональд Трамп Вашингтон бул қарарды қоллаған мәмлекетлерге қаржылай берилетуғын жәрдемди азайтатуғыны ҳаққында ўәде берген. Ал Палестина басшылары болса АҚШты БМШға ағза мәмлекетлерге басым жасаўда айыплаған еди.
6-декабрь күни Трамп АҚШтың Израильдеги елшисин Тель-Авивтен Иерусалимге көшиўге таярланыўға пәрман берген еди. Таярлық жумыслары үш жылдан төрт жылға шекем созылыўы мүмкин. Трамптың қарарын араб еллериниң көпшилиги қатты сынға алып, Палестина аймағында ғалаба наразылық акциялары ҳәм тәртипсизликлер басланған еди.
Мағлыўмат ушын, Израиль Иерусалимди өзиниң бир пүтин ҳәм бөлинбейтуғын пайтахты деп есаплайды. БМШ болса Иерусалимниң шығыс бөлеги нызамсыз түрде басып алынған деп есаплайды. 1995-жылы АҚШ Конгресси Израильдеги америка елшиханасын Иерусалимге көшириў ҳаққында қарар қабыл еткен, бирақ қаланың статусы машқалалы болғанлықтан АҚШ дипломатиялық ўәкиллиги Тель-Авивте қалған еди. Жақын күнлерге шекем Вашингтонда Иерусалим 1948-жылдағы Британия мандат системасы жуўмақланғаннан соң ҳеш бир тәрепке тийисли емес ҳәм қаланың тәғдири тынышлық шәртнамасына қол қойылғаннан кейин белгили болады деген шешим бар еди.
Ислам Матеков.