Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты. Ҳәр еки ҳәптеде бир тил қолланылыўдан шығып атырғанына исениў қыйын.
Жүзге жақын тил билимлендириў системасында, мәмлекетлер ортасындағы байланысларда қолланылады. Онға жақыны дүньяда рәсмий атаққа ийе. БМШ да дүнья халқының үлкен бөлеги сөйлесетуғын 6 тилде – инглиз, араб, рус, француз, қытай ҳәм испан тилинде алып барады. Көплеген халықлар ана тилине ҳүрмет сыпатында ҳәр жылы өз алдына бир күнди байрам етип белгилейди.
1952-жылы 21-февральда Бангладеш пайтахты Дакка қаласында жүзлеген пуқара бенгал тилине рәсмий түрде мәмлекетлик тили атағы берилиўин талап етип, көшеге шығады. Кескин түс алған ҳәдийсе ўақтында бир неше адам қайтыс болады.
1999-жылы UNESCO Бас конференциясында сол ўақыяда ана тили ушын гүресип, жан бергенлерге арнап 21-февраль Халықаралық ана тили күни деп дағазаланды ҳәм усы сәне көп мәмлекетлерде кең белгилене баслады.
Белгили жазыўшыларға арнап белгиленген тил байрамлары
Айырым мәмлекетлерде тил байрамы дүньяның белгили шайыр ҳәм жазыўшыларының туўылған күнине бағышлап өткериледи. Мысалы, ҳәр жылы уллы инглиз жазыўшысы ҳәм драматургы Уильям Шекспир туўылған күн – 23-апрельде «Инглиз тили күни» белгиленеди. Бүгинги күнде халықаралық байланыс қуралы болған бул тилде онлаған мәмлекетлердиң халқы еркин сөйлеседи. Уллы Британия, АҚШ, Канада, Малта, Австралия ҳәм Жаңа Зеландияның мәмлекетлик тили есапланады. Азия ҳәм Африканың айырым мәмлекетлеринде рәсмий атаққа ийе.
Сол күни дүньяда және бир тил байрамы – «Испан тили күни» де кең белгиленеди. Бул сәне 23-апрельде қайтыс болған белгили испан жазыўшысы Мигел де Сервантес Сааверда менен байланыслы.
UNESСO Рус тили күнин де өткериў усынысы менен шыққан. Бул байрам ушын Александр Пушкин туўылған сәне – 6-июнь таңланған.
Эстонияда 1996-жылдан берли 14-март Ана тили күни сыпатында белгиленеди. Эстон әдебий тилиниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан жазыўшы ҳәм шайыр Кристян Яак Петерсонның туўылған күнине арнап қойылған.
Финландияда тил байрамы – демалыс күни
Жер жүзиндеги ең кѳп санлы қытай халқы өзиниң «Қытай тили күни»ин 2010-жылдан берли белгилеп келеди. Байрам дүньядағы ең қурамалы жазыўдың тийкаршысы Сан Сзеге арнап ҳәр жылы 20-апрельде өткериледи. Тилдиң бар байлығын көрсетиў ушын 80 мыңға жақын иероглифтен пайдаланыўға туўра келеди. Бирақ, қытайлылар күнделикли өмирде бар-жоғы 3-5 мыңынан пайдаланады.
Қытай тили ҳәзир Қытай Халық Республикасы, Тайван ҳәм Сингапурда рәсмий мәмлекетлик тили сыпатында қабылланған, басқа мәмлекетлерде де сөйлесиўде пайдаланылады.
Француз тили күни 2010-жылдан берли 20-мартта белгиленеди. Бул тилде Волтер, Дидро, Гюго, Дюма, Бальзак, Рабле сыяқлы танымалы шахслар дөретиўшилик еткен.
Жасалма тил – «Эсперанто күни»ин кеңнен белгилейтуғынлар да бар. Бул тилде сөйлесетуғын 2 миллион адам ҳәр жылы 26-июньда байрам шөлкемлестиреди.
1978-жылдан берли ҳәр жылы 9-апрельде ағартыўшы Микаел Агриколаға бағышлап Фин тили күни белгиленеди. Агрикола жазба фин тилиниң пайда болыўына үлкен үлес қосқан.
1543-жылы биринши фин әлипбесин жаратады. Усы сәне жазба тилдиң туўылған жылы есапланады, лекин 1980-жылдан баслап байрам мүнәсибети менен мәмлекет байрағы көтериледи.
Орайлық Азия мәмлекетлеринде тил байрамлары
1998-жыл 20-январдағы Президент қарары менен Қазақстан халықлары тиллери күни сентябрь айының үшинши екшенбиси етип белгиленген. 2007-жылдан берли Қазақстанда ис жүритиў толық мәмлекетлик тилде алып барылмақта. Мәмлекетлик тилди жақсы билиў ҳәрбир қазақстанлы ушын зәрүрликке айланған.
Қырғызстан 1989-жылдан берли ҳәр жылы 23-сентябрьди қырғыз тилине мәмлекетлик тил атағы берилген күн сыпатында белгилейди. Усы күни өзбек халқының да арзыўы әмелге асты. 1989-жылы 21-октябрьде өзбек тили де мәмлекетлик тил атағын алды. 2020-жыл 10-апрельде Президент Шавкат Мирзиёев имзалаған нызамға тийкарланып 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни етип белгиленди.
1989-жылы 1-декабрьде болса бизиң ана тилимиз болған қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди.