Telegram karinform

Сиясат

  • 28.12.2017 16:36
  • 2125

2017-жылы дүнья мәмлекетлериниң қайсыларында басшылар өзгерди? (1-бөлим)



Baq басылымы жуўмақланыў алдында турған жылда дүнья мәмлекетлериниң қайсыларында басшылардың өзгергени, қайсы еллерде мәмлекет басшылары менен умытылмас ўақыялар жүз бергенлиги бойынша материал жәриялады.

2017-жылдың январь айында Букингем сарайы әтирапында сейил етип жүрген Британия королевасы Елизавета II ни өз қорықшысы атып қойыўына сәл қалды. Өз ўазыйпасына садық болған қорықшы ярым түнде сарайда жүрген адамды атып таслаўы мүмкин еди. Королева қорықшыны емес, оны сейил етиўи ҳаққында ескертпеген өзин айыплаған еди.

Январь айында жүрек аўырыўы менен емлеўханаға жаткарылған Иранның бурынғы президенти Али Акбар Хашеми Рафсанджани өз әжелинен қутыла алмады. Иранды 1989-1997-жыллары аралығында басқарған 82 жаслы Рафсанджани өлиминен алдын Мақсетли кеңесин басқарды.

Ал Венесуэла парламенти мәмлекет президенти Николас Мадуроны «өз хызметин таслап кетти» деген айып пенен оны басшылықтан шығармакшы болды. Нызам бойынша парламенттиң бундай шешими президент сайлаўын өткериў ушын тийкар болыўы керек еди. Деген менен, Жоқары суд Миллий ассамблеяның қарарын нызамсыз деп жәриялаған еди.



Январь айында АҚШтың жаңа президенти өз ўазыйпасына киристи. Жетпис жаслы Дональд Трамп бурынғы президент Барак Обамадан кейинги мәмлекеттиң 45-президенти болды.

Ал бул ўақытта Гамбияның бурынғы президенти Яйя Джамме қуўғынға ушырап, Экваториал Гвинеяға бас алып кетиўге мәжбүр болды. Ақыры дүнья жүзилик шериклеслер ҳәм қоңсылас мәмлекетлердиң қысымына шыдамаған Джамме отставкаға шығып, басшылықты президентлик сайлаўларда жеңиске ерискен Адам Барроуға тапсырған еди.

Январь айының соңында БМШның бурынғы бас хаткери Пан Ги Мун Қубла Кореяның президенти болыў нийети бар екенлиги ҳаққында 2016-жылы айтқан пикиринен қайтқан еди. «Мен сиясаттан кетемен. Көп адамларды үмитлендиргеним ушын кеширим сорайман», - деген еди ол парламенттеги баспасөз конференциясында.



Февраль айының екинши он күнлигинде Германияда сайлаў мапазы қызғын өтти. Сайлаў жуўмақлары бойынша бурынғы сыртқы ислер министри, социал-демократ Франк-Вальтер Штайнмайер Германия президенти етип сайланды. Ол 77 жаслы Йоахим Гауктың орнына келди.

Германиядағы сайлаўлардан бир күн өткеннен кейин Түркменстандағы президентлик сайлаўларда Гурбангулы Бердимуҳаммедов үшинши мәрте мәмлекет президенти болып сайланды. Ол жәми сайлаўшылардың 97,69% даўысын алған.

Ал бул ўақытта Йемен пайтахты Санада әскерий күшлер мәмлекет президенти Абд Раббо Мансур Хадиди мәмлекетке сатқынлық еткени ушын өлим жазасына ҳүким етти.



Февраль айының соңында Экватордағы президентлик сайлаўда 91,88% даўыстың 51,04% ин алыўға ерискен әмелдеги басшы блоктың кандидаты Ленин Морено президент болып сайланды. Бирақ, ол мәмлекет басына май айында келди.

Усы ўақытта Сербия премьер-министри Александр Вучич елдеги президентлик сайлаўлардың биринши турында жеңиске еристи. Ол 55% даўыс топлаған еди.

Апрель айының екинши он күнлигинде Иран президенти Хасан Роухани еикнши мәрте сайлаўға кандидатурасын қоятуғынлығын билдирди. 19-майда болып өткен сайлаўда кандидат сыпатында дизимге алынған Иран басшысы 59% даўыс жыйнап, мәмлекеттиң 7-президенти болып қайта сайланды.

Трамп пенен бәсекиге түсип, жеңилип қалған Хиллари ханым 2020-жылы болып өтетуғын АҚШ президентлигине сайлаўда кандидатурасын усынбайтуғынлығын билдирди.

Май айында Францияда болып өткен президентлик сайлаўының екинши турында «Алға» ҳәрекетиниң жетекшиси Эммануэль Макрон 65,5% даяыс топлап, қарсыласы Ле Пеннен (34,5%) озып кеткен еди.

Май айында Финляндияның бурынғы президенти Мауно Койвисто 93 жасында қайтыс болды. Ол мәмлекетти 1982-1994-жыллар аралығында басқарған. Ол мәмлекеттиң 9-президенти еди.



БМШның бурынғы бас хаткери Пан Ги Мун бас тартқан Қубла Кореядағы президентлик сайлаўы белгиленген ўақыттан 7 ай бурын өткерилсе де, «Тобуро» демократиялық партиясы атынан сайлаўға қатнасқан Мун Чжэ Ин жеңип шықты. Ол сайлаўшылардың 41,1% ин, яғный 13,4 миллион адамның даўысына ийе болды.

Июнь айы мәмлекет басшылары ушын тыныш өткени менен Япония парламенти 83 жаслы император Акихитоның тахттан бас тартыўына мүмкиншилик беретуғын нызамды қабыл етти.



Июньның ақырында Монголияда болып өткен президентлик сайлаўында ҳешким жеңиске ерисе алмады. Соңғы айланымда еки кандидат калып, 9-июль күни өткерилген екинши турда Демократиялық партиядан талабан Халтмаагийн Баттулга даўыс бериўшилердиң 50,7%лик даўысы менен жеңип шықты.

17-июль күни Ҳиндстанда болып өткен президентлик сайлаўда мәмлекетти 2007-жылдан берли басқарып киятырған биринши ҳаял президент Пратибха Патил жеңилиске ушырады. Оның тийкарғы бәсекилеси болған Рам натх Ковинд 65,65% даўыс топлады.

Даўамы бар…

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция