Июль айының соңында Финляндияны 2000-2012-жыллары басқарған бурынғы президент Тарья Халонен Хельсинки көшелеринде дийўана кийиминде жүрип, пүткил дүнья халқының нәзерине түскен еди. Ол усы ҳәрекети арқалы ҳәр қандай адам әўметсизликке ушыраўы ҳәм оған адамлар жардем бериўи кереклигин үгит-нәсиятламақшы болған еди.
Ал бул ўақытта өткен жылы машқалалар ийримине түсип қалған Қубла Кореяның бурынғы президенти Пак Кин Хениң сыртынан өлим жазасы кесилди. КХДР басшылары оған «Арқа Корея басшысы Ким Чен Инға қастыянлық етпекши болған» деген айып қойған еди.
Август айының басында сайланғанына көп болмаған Сауд Арабиясының тахт мийрасхоры Муҳаммед бен Сальманға қастыянлық исленди. Бул жағдай тоқтаўсыз даўам етип, ақыры 11 шахзаданың үй қамағына тартылыўы менен жуўмақланды.
1-сентябрь күни Кенияның жоқары суды президентлик сайлаўдың жуўмағын нызамсыз деп тапты. Сайлаўда буған шекем мәмлекетти басқарған Ухуру Кениата жеңип шыққан. Деген менен, 31-октябрь күни өткерилген сайлаўда Кениата және жеңиске еристи. Бирақ, оның сайланыўы мәмлекетте 30 адам өлген тәртипсизликлерге алып келди.
Сентябрьде Индонезия президенти Джоко Видоға қастыянлық ислемекши болған адам қолға алынды. Оның қасынан жаныўшы араласпа менен толтырылған бес дана бутилька табылған. Тергеў жуўмағына муўапық, оның «Ислам мәмлекети»ниң экстремисти екенлиги белгили болды.
Ал Сингапур президенти Тони Тан алты жыл мәмлекетти басқарып, ақыры мәмлекет басшылығынан өз ерки менен бас тартыўын рәсмий түрде мәлим етти. 77 жаслы Тони Танның орнына мәмлекет тарийхында биринши мәрте ҳаял президент – Халима Якоб сайланды.
Сентябрь айының соңында дүньяға президетине қарағанда белгили Германия канцлери Ангела Меркель өзиниң сайлаў округи – Мекленбург-Алдынғы Померания федеративлик аймағында қатарасына сегизинши мәрте жеңиске еристи.
Дүнья елбасшылары ушын октябрь айы қызықлы басланды. Ҳешким күтпеген жағдайда 1995-жылғы «Алтын топ» ийеси болган белгили футболшы Джордж Веа Либерияның президенти етип сайланды. Ол мәмлекет вице-президентинен де көп даўыс топлаған.
Октябрьдеги ең белгили сайлаўлардың бири – Қырғызстан президентилигине болған сайлаў болды. Сайлаўда Сооронбай Жээнбеков жеңиске еристи. 51 кандидаттан ең соңында 4 бәсекилес калған сайлаўда 42 кандидат өзин-өзи усынған еди.
Октябрьдеги және бир президентлик сайлаў Словенияда болып өтти. Усыған шекем мәмлекетти басқарып келген Борут Пахор сайлаўда 52,94% даўыс топлап, және президент етип сайланды.
Зимбабве президенти Роберт Мугабениң отставкаға шығыўы тағы бир үлкен ўақыя болды. Мәмлекетти 37 жыл басқарған 93 жаслы Мугабениң орнына бурынғы вице-президент Эммерсон Мнангагва президент болды.
Ал Йеменде көтерилисшилер бурынғы президент Али Абдуллах Салихты өлтирди.
Декабрь айында Чилиде президентлик сайлаўы болып өтти. Онда миллиардер Себастьян Пиньер жеңип шықты. Ол 99,62% даўыстың 54,57% ин топлаған. Ол мәмлекетти 2018-жылдан 2022-жылға шекем басқарады.
Декабрь айында Россияда 2018-жылы 18-мартта болып өтетуғыын президентлик сайлаўларға таярлық басланды. Кандидатлар арасында фаворит – Владимир Путин. Ҳәзирге шекем 23 талабан өз кандидатурасын қойған. Олар арасында Ксения Собчак, Владимир Жириновский, Борис Титов ҳәм Григорий Явлинский сыяқлы белгили адамлар да бар.
Ислам Матеков.