2018-жылы Жаңа жыл, Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамы күнлери мәмлекетлик байрамларға туўры келген қосымша жумыс емес күнлер нызамшылықта белгиленбекте. Сондай-ақ, айырым дем алыс күнлерин усы байрам сәнелерине жақын болған жумыс күнлерине көшириў әмелге асырылмақта.
Нәтийжеде, 2018-жылы байрам күнлеринде қатара дем алыс даўам етиўи қосымша жумыс емес күнлерин белгилеў ҳәм айырым дем алыс күнлерин көшириў арқалы әмелге асырылады.
Наўрыз байрамында – 5 күн дем алыс, яғный, 2018-жыл 18-март екшемби күнги дем алыс, 19-март күни 17-марттан көширилген дем алыс күни, 20-март – қосымша дем алыс күни, 21-март – байрам мүнәсибети менен дем алыс қуни, 22-март — 24-марттан көширилген дем алыс күни.
Ғәрезсизлик байрамында да 5 күнлик дем алыс, яғный, 2018-жыл 31-август — қосымша дем алыс күни, 1-сентябрь — байрам мүнәсибети менен дем алыс күни, 2-сентябрь — екшемби күни, 3-сентябрь — 15-сентябрь шембиден көширилген дем алыс күни, 4-сентябрь — 8-сентябрьден көширилген дем алыс күни.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 28-декабрь күни «Рәсмий сәнелерди байрамлаў ўақтында қосымша дем алыс күнлерин белгилеў ҳәм 2018-жылда дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойғаны ҳаққында айтып өткен едик.
Сахибжамал Есемуратова