
Қайрат Түнтеков Қазақстанда өткерилген «I\'m a singer Kazakhstan» телетаңлаўының жеңимпазы деп табылды.
Екинши орын жеңимпазы қытайлы қосықшы Доллар Вонг, ал, үшинши орын жеңимпазы Жанғали Әбишевлер болды. Жеңимпазға ForteBank мәкемесиниң атынан 3500000 теңге пул берилди.
Еслетип өтемиз, бул таңлаўға алты мәмлекеттен қатнасыўшылар қатнасып, өзлерин сынап көрди. Онда Өзбекистаннан Азиза Низамова ҳәм Хуршид Матин Иногамовлар қатнасты.
Сахибжамал Есемуратова