Telegram karinform

Спорт

  • 10.12.2022 14:00
  • 1707

Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды

 

Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында V Өзбекстан суперкубоги жарысы болып өтти.

 

Жарыста 2022-жылғы Өзбекстан чемпионы Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ҳәм Өзбекстан кубоги жеңимпазы Жиззақ ўәлаятының Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети командалары өз ара күш сынасты.

 

Қуўанышлысы, өткерилген еки ойында да НМПИ волейболшы қызлары қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады – 3:0.

 

Солай етип, Қарақалпақстан Республикасы командасы волейбол бойынша Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды.

 

Жарыс жуўмағында НМПИ командасы ағзаларынан Н.Рейимбаева «Ең күшли ойыншы», А.Жолдасбаева «Ең жақсы ҳүжимши» номинациялары бойынша да жеңимпаз деп табылды.

 

Команда ағзаларынан М.Юлдашева, Г.Нуранова, Г.Қулымбетова, У.Толиева, И.Хожибаева ҳәм Ҳ.Таўмуратовалардың көрсеткен әжайып ойынлары бүгингидей нәтийжени қолға киргизиўге тийкар болды.

 

 

 

Жарысқа команданы спорт устасы Азат Казаков ҳәм жоқары категориялы тренер Атабек Казаковлар таярлады.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...