
Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, елимизде жынаят ислеп қамалған 2700 пуқараға, соннан Қарақалпақстаннан 34 пуқараға кеширим берилди. Солардың 3 еўи жаслар. Олардың барлығына ең кем ис ҳақының 6 есеси муғдарында қаржылай жәрдем берилди. Бул қаржы олардың паспорт алыўы ямаса жумысқа орналасып, дәслепки ис ҳақысын аламан дегенше шаңарағын бағыў ушын жумсалыўы көзде тутылған. 34 пуқарадан 2 еўи денсаўлығы төменлигине байланыслы емлеўханада, қалғанлары жумыс пенен тәмийинленди, деп мағлыўмат берди ҚР ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлим баслығы К.Нурабуллаев жаслар пресс клубында айтып өтти.
Ислам Матеков