
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Репрессия қурбанлары естелиги» музейи дүзилди.
Музей Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанлары естелиги музейи ҳәм ўәлаятларда Жоқары оқыў орынларында Репрессия курбанлары естелиги музейин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилмекте. Бул буйрықты орынлаў мақсетинде 2017-жылдың 4-декабрьде университет буйрығы шығарылған. Музейде 4 хызметкердиң жумыс ислеўи режелестирилген. Бул туўралы кейинги мақалаларымызда толық мағлыўмат берип өтемиз.
Сахибжамал Есемуратова