
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Репрессия қурбанларын еслеў» аймақлық музейи шөлкемлестирилмекте.
Сизден усы музейди репрессия дәўирине тийисли ҳүжжетлер, кино, фоно, фотоматериаллар ҳәм дәреклер менен толтырыўда, яғный, мәмлекетлик ғайраткерлер, илим, ден саўлықты сақлаў, көркем өнер, өндирис, аўыл хожалығы ҳәм тағы да басқа тараў ўәкиллериниң өз тараўы бойынша репрессияға ушыраған инсанлардың жеке буйымлары, өмирине байланыслы ҳүжжетлер, фото ҳәм басқа да материаллар, қолжазба ҳүжжетлер, китапларды жыйнаўда әмелий жәрдем бериўиңизди сораймыз. Бул буйымларды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәлимлеме-ресурс орайына алып келип берсеңиз болады.
Республика «Репрессия қурбанларын еслеў» музейин шөлкемлестириў процесинде топланған ҳүжжетлер, фотосүўретлер, китаплар, қолжазба, басқа буйым ҳәм предметлер музей экспозициясы бөлимлеринен орын алады.
Сахибжамал Есемуратова