
Филиппин президенти Родриго Дутерте әскерий базаға келген ўақтында егер ол өз ўәкиллиги тамамланғаннан соң мәмлекетти басқарыўды даўам еттирсе ҳәм диктаторға айланса, әскерлерден өзин атып таслаўды сорады. Бул ҳаққында Reuters информациялық агентлиги хабар берди.
«Егер мен белгиленген мүддеттен көбирек лаўазымымда қалсам ҳәм диктатор болыўды қәлесем, мени атып таслаң, ҳәзиллесип атырғаным жоқ», деп айтқан президент.
Сахибжамал Есемуратова