
Хабарыңыз бар, сайтымызға жоқары оқыў орынларының жаслар аўқамы факультет жетекшилеринен үстеме ҳақы төлеў бойынша арза келип түскен еди ҳәм бул бойынша жаслар аўқамына мүрәжат етиўди сораған еди. Биз бул арзалардың тийкарында Karinform.uz сайтында мақала жәрияладық.
17 саат алдын Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуронбоев өзиниң фейсбук социаллық тармағындағы бетинде жоқары оқыў орынларындағы факультет жетекшилерине ҳәр айда үстеме ҳақы төлениўин айтып өтти.
Төменде Қаҳрамон Қуронбоевтың жазған постын дыққатыңызға усынамыз: (Аўдарма: Karinform.uz)
«Жоқары оқыў орынларындағы факультет жетекшилери де ендигиден былай қоллап-қуўатланады! Хабарыңыз бар, кеше Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң Атқарыўшы комитетиниң жыйналысы өткерилди. Онда жоқарыдағы мәселе де көрип шығылды. Ендигиден былай жоқары оқыў орынларындағы факультет жетекшилерине пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалары тийкарында ис ҳақы төлеп бериледи.
Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеси баслықлары аймақлық Кеңеслери ҳәм жоқары оқыў орынларындағы факультет жетекшилери ортасында пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар дүзилиўин қадағалап отырады.
Белгиленген жоқары оқыў орынларындағы факультет жетекшилерине ҳәр бир ис ҳақының өз ўақтында ҳәм толық төлениўин қадағалайды.
Демек, факультетте мың студентке шекем билим алып атырған болса, жетекшиге ең кем айлық ис ҳақының 1 есеси муғдарында, оннан көбирек болса, ең кем айлық ис ҳақының 2 есеси муғдарында материаллық тәрептен қоллап-қуўатланады».
Сахибжамал Есемуратова