
2017-жылы «Билим» баспасынан «Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги» баспадан шықты. Бул китап 4000 тиражда басылып шығарылған болып, ол тек ғана оқыў орынларының китапханаларына тарқатылады екен. Бул сөзликке тийкарынан турмысымызда жийи ушырасатуғын ҳәм жазылыўы қыйын болған сөзлер киргизилген.
Сөзликти дүзиўшилер: Мәденбай Дәўлетов, Шамшетдин Абдиназимов, Арухан Дәўлетовалар.
Мағлыўмат ушын, бул китап әлипбе ҳәм имла қағыйдаларына өзгерис киргизилгеннен кейин шығарылып атырған дәслепки имла сөзлиги болып есапланады.
Сахибжамал Есемуратова