
Ерте заманда ҳәр халық бул дүньяда өзлеринен басқа елатлар бары-жоғын билиўге таярланып, олай-булай гезип жүретуғын бир дәўирде, көп жолдың түйилиспесинде, ҳәр жақтан жыйналып, азықларын қосып жеп, дем алып отырған көп адамға бир дәрўиш келип қосылады. Оның жол азығы жоқ екен. Шетирек отырады. Тынығып аўқатланып болған адамлар орталықтан олар бир тойғандай аўқат береди де, өзлери жолға раўәна болыў ушын тикейеди.
- Мени де әкетиңлер, - деп өтинипти дәрўиш.
Көпшиликтен бири:
- Бизиң орталық қазанымызға салатуғын ҳеш нәрсең көринбейди-ғо, -депти.
Дәрўиш басын қасып турып:
- Дурыс ҳештеңем жоқ. Бирақ, сизлердиң узын-шубай жолларыңызды қысқарта алатуғын қәсийетим бар, - депти.
- Ол не қәсийет? – деп сорапты және бири.
- Менде сизлер еситпеген әңгимелер, әпсаналар, дәстанлар бар. Аяқларым ҳәрекеттен, тилим гүрмелиўден қалғанша араңызда болып, соларды сизлерге айтып жүреберемен, - депти дәрўиш.
Адамлар енди бир демге де ойланбастан, сол дәрўишти өзлерине қосып әкетипти.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова