Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2018 14:29
  • 2095

Сақаўдың жақсылығы (Аңызлар тилге киргенде…)

Сақаўдың жақсылығы (Аңызлар тилге киргенде…)

Бир елде атақлы бир адам кеселге шатылып тили ләң болып, сөйлеўден қалады. Буннан соң ол өзин ҳешкимге керексиз сезинеди. Ол таўлар аралап кетебереди. Көп күнлерде сегбирден шаршап, бир байтеректиң астында дем алыўға отырады. Тири бендениң көзлерине тойымлық бар ма? Ол жоқары қараса, шақалардың арасында үлкен уя турыпты. Ишинде не барына ынтығып, терекке өрмелесе, үш палапан отыр. Биреўи қамығып, екиншиси күлимлеп, үшиншиси шақалақлап күлип отыр. Адамның ҳайраны шыққанын көрген үшинши палапанға бирден тил питип:
- Әй, адам, - депти масайраған кейип бузбастан. – Таңланба! Бизлер бир анадан туўылған үш палапанбыз. Анамыз әллеқайда кеткели өз-ара татыўлықта өмир сүрер едик. Кеше бир жылан өрмелеп келип ҳәр қайсысымызды бир услап көрип, қайсысымызды қайсы күни жейтуғынын айтып ескертип кетти. Мине, мынаны бүгин кеште жейди. Сол ушын қамығып отыр. Мине, мынаны ертең кеште жейди. Ол өзиниң және бир күнлик өмири барына ыразы болып күлипсиреп отыр, мениң алдымда үш күнлик өмирим бар. Соған-ақ шадлықта шақалақлап күлип отырман.
Адам олардың мәртлигине ҳайран қалып жәрдем етиўди ойлайды. Сөйтип түнде сол жыланды аңлыйды. Жылан түн ярымында ҳештеңеден қәўипленбей өрмелеп киятыр екен, адам оның басына урып өлтиреди.
Азанда әллеқайдан палапандардың анасы ушып келеди. Ол суймырық қус екен. Палапанларының қасында отырған адамды көрип ҳал-жағдай сорасқаннан кейин: «Ҳей, адам! Саған рахмет! Биз аспанды шарықлап, қанша ушсақта қуспыз. Сен тири болсаң қолыңнан келмейтуғын ис жоқ!», - депти ҳәм әллеқайларға ушып кетип аўзына бир шөп тислеп әкелип, адамға жегизген екен. Ол адам соннан баслап сөйлейтуғын болыпты…
Ескилердиң айтыўы бойынша, сол адам бизлердиң түп бабамыз-емиш.

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

    Үлкен Гүрдирсин қорғаны бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер, эрамыздың III, XII-XIII әсирлерине тийисли археологиялық естелик

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы елимиз бойлап көтериңки руўхта белгиленбекте. Барлық билимлендириў орынлары сыяқлы...

Қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратовтың Токио Олимпиадасындағы дәслепки қарсыласы мәлим болды (превью)

Қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратовтың Токио Олимпиадасындағы дәслепки қарсыласы мәлим болды (превью)

Грек-рим гүреси бойынша Токио Олимпиадасына жоллама алған қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов ертең, 2-август күни беллесиўлерге кириседи....