Бурынлары көлдиң жағасында жарлы бир кемпир ғаррысы менен балықшылық етип күнелтип отырған. Бир күни ғаррысы балық аўлаўға кетип, кемпир бир өзи үйде отырғанда, бир жолбарыс келип, үйдиң босағасына еки аяғын салып отырады. Кемпир жолбарыстың жəбирленип, муңайып келгенлигин сезип, оннан ҳеш қорықпайды. Серлеп қараса жолбарыстың бир аяғына үлкен шөңге кирген екен. Кемпир жолбарысқа «ўай шерим-ай, нарым-ай» деп аяғынан шөңгени тартып алады. Шөңге кирген жерге май жағып, ықшамлап байлайды. Жолбарыс кемпирге алғыс айтқандай болып, орнынан турады да, көл бетке қарай əсте ақырын жүрип кетеди. Кешқурын ғаррысы келгеннен кейин бул аўҳалды баян етеди. Кемпирдиң бул мəртлигин аўыл адамлары да биринен-бири есите баслайды. Сонлықтан буған Дəўкемпир деп, ал көлдиң аты усы кемпирдиң лақабы менен аталып кетеди.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова