Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.01.2018 09:24
  • 1594

«Ватаннинг фидойи фарзандлари» китабынан орын алған университет оқытыўшылары

«Ватаннинг фидойи фарзандлари» китабынан орын алған университет оқытыўшылары

Ҳәр жылы Өзбекистан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күни алдынан елимиздиң раўажланыўы жолында экономикалық, руўхый-ағартыўшылық, илимий-техникалық тараўларда мүнәсип хызмет етип атырған ўатанласларымызға мәмлекетлик атақларды салтанатлы түрде тапсырыў дәстүрге айланған.
Өткен жылдың 7-декабрь сәнесинде Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың қатнасыўында мәмлекетлик сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырыўға арналған жыйналыс болып өткен еди.
Бул жыйналыста мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған инсанлардың өмири, мийнетлери, қолға киргизген табыслары туўралы мағлыўматлар «Ватаннинг фидойи фарзандлари» атамасында арнаўлы китап болып басылып шықты.
Китаптан ҚМУдың 2 оқытыўшысы – Бахтияр Генжемуратов ҳәм Кәримберген Қудайбергеновлар ҳаққындағы мағлыўматлар орын алды.
Өзбекистан Республикасының илим ҳәм техника тараўындағы Мәмлекетлик сыйлығына ийе болған университеттиң математика кафедрасының баслығы К.Қудайбергеновтың «Ассоциативлик емес алгебралар, дифференциаллаў ҳәм сызықлы емес системалар теорияларын раўажландырыў» атамасындағы илимий мийнети ҳақында китапта айтылады. Бул илимий жумыста авторлардың дифференциалласқан операторлы алгебралар теориясы, ассоциативлик емес алгербалардың структуралық теориясы ҳәм динамикалық системалар теориясы бойынша изертлеўлериниң нәтийжелери келтирип өтилген.

«Ватаннинг фидойи фарзандлари» китабынан орын алған университет оқытыўшылары

Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, «Өзбекистан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағының ийеси Бахтияр Генжемуратов туўралы айрықша келтирип өтилген. Онда «Бахтияр Генжемуратов заманагөй қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң бири. Ол өз стилине ийе қәбилетли шайыр сыпатында әдебий жәмийетшилик арасында үлкен абыройға ийе. Әсиресе, соңғы жыллары нәтийжели дөретиўшилик етип мазмунлы лирикалық қосықлар, эпикалық дәстанлар дөретти. «Қуяштың өмири», «Саратан», «Оқ қадалған ай», «Укуз дәрья битиклери», «Таңламалы шығармалар» сыяқлы поэзиялық топламларында ана ўатанға муҳаббат, садықлық сезимлери, инсаныйлық ҳәм жақсылық пазыйлетлери көтериңки руўхта жырланады» деп жазылған.

«Ватаннинг фидойи фарзандлари» китабынан орын алған университет оқытыўшылары

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...