Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.02.2018 13:55
  • 1814

40 жылдан кейин: Иранлы ҳаял-қызлар хиджаб ораныўға қарсы шықты



Иранда ҳаял-қызлардың хиджаб ораныўға деген наразылық акциялары даўам етпекте. Бул ҳәрекет пайтахт Тегеранда 29-январьда басланған еди. Көшелерде ҳаял-қызлар байраққа усаған орамалларын қолларына алып, өз наразылықларын билдирмекте. Бул ҳаққында BBC хабар бермекте.



Бул акцияны тийкарынан өткен жылдың декабрь айында 31 жаслы Вида Мовахед баслаған еди. Ол бир ярым жаслы қыздың анасы. 27-декабрь күни ол Энгелаб проспектиндеги бетон қуйманың үстине минип, шашын жайып, хиджаб ораныўға қарсы екенлигин билдирген еди. Оның усы ҳәрекетлери сүўретленген видео ҳәм сүўретлер глобаллық тармақта жедел түрде тарқалған. Ҳуқық қорғаў уйымларының билдириўинше, ол сол ўақыттан берли еки мәрте иркиўге алынған. Виданы излеп табыў мақсетинде жаратылған «Қайда ол?» хэштеги Твиттерде 28 мың рет қолланылған. Ирандағы белгили инсан ҳуқықлары қорғаўшысы Насрин Сотоудехтиң айтыўынша, жас ҳаял 28-январь күни қамақтан босатылған.



Усындай наразылық акциялары 29-январь күни де даўам еткен еди. Үш ҳаял Вида Мовахедтиң ҳәрекетлерин қайталамақшы болған. Олардың сүўретлери Твиттерде «Энгелаб көшесиндеги қызлар» хэштеги астында дүньяға белгили болды. Насрин Сотоудехтиң айтыўынша, биринши наразылық акциясын өткерип, бетон қуйманың үстине минген үш ҳаял да иркиўге алынған. Оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликли турғынлар бетон қуйманың қасына гүл қойып кетпекте.



Мағлыўмат ушын, Иранда нызам бойынша қыз-келиншеклер жәмийетлик орынларда орамал тағып жүриўге мәжбүр. Нызам бузыўшылар иркиўге алынып, қамалады. Деген менен, жергиликли турғынлар машинаны жеке меншик орын деп есаплап, оның ишинде орамал тағыўдан ғалаба түрде бас тартпақта.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт