
6-февральда Тайванның Хуалянь уездинде 6,5 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди, деп хабар берди РИА Новости.
Жер силкиниўиниң орайы 11 км тереңликте болып, оның ақыбетинде 2 адам дүньядан өткен, 219 адам жәбирленген. Хуалянь қаласында 5 имарат, солардан 11 қабатлы мийманхана ҳәм әскерий емлеўхана ўайран болған. Соңғы мағлыўматларға муўапық, 3 қабатлы қулаған мийманханада көплеген адамлар қалып қойған.
Сахибжамал Есемуратова