
«Жаслар тв» телеканалы 8-март – халық аралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған кешени сүўретке алыў ислерин баслап жиберген. Бул ҳаққында Бекзад Алланиязов ҳәм қосықшы Гүльназ Утеповалар инстаграм социаллық тармағында хабарлады. Мағлыўматларға қарағанда, бул кешеде «Нөкис ФМ» радиоканалының баслаўшылары Бекзад Алланиязов ҳәм Гәўҳар Султамуратовалар баслаўшы болады. Онда қарақалпақ эстрада жулдызлары Гүльназ Утепова, Гүльнара Мунтеева, Саламат Қәллибеков, Гүлнигар Сапаева ҳәм тағы да басқа қосықшылар қатнасады. Бул бағдарламаның байрам қабатында эфирге узатылыўын күтип қаламыз.



Сахибжамал Есемуратова