
Таңлаўға студент-жаслардан көплеген материаллар келип түсти. Оларда тийкарынан Арал теңизиниң қурыўы, ҳаўа ҳәм дәрья-көллердиң патасланыўы, ишимлик суўының үнемлеп жумсалмай атырғаны, тасландылардың жыйналып қалыўы сыяқлы тематикалардағы көринислер сәўлеленген.
Бүгин таңлаўдың сыйлықлаў салтанаты өткерилип, ең жақсы деп табылған фото ҳәм видео материаллар авторларына диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Таңлаўға келип түскен фотосүўретлерди сайтымыздың «Фоторепортаж» бөлиминде тамашалаўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков.