
Изертлеўшилер сокты аўқатланып болғаннан соң ишиўди мәсләҳәт береди.
Бул қутыдағы ҳәм қолдан таярланған сокларға да тийисли. Илимпаз Льюис Сиглер Принстон университети менен биргеликте изертлеў жумысларын алып барған деп хабар берди, корреспондент.net.
Оның нәтийжесине муўапық, мийўели сокларды аш қарынға ишиў асқазан ушын жүдә зыян. Қәнигелер буны тышқанларда сынап көрген, яғный тышқанға аш ўақтында сок ишкизген ҳәм буның зыян екенлигин анықлаған.
Сахибжамал Есемуратова