Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.02.2018 14:56
  • 1991

ЖОО ортасында өткерилген «Жалаладдин избасарлары» таңлаўында ҚМУ биринши орынды ийеледи (+фото)

ЖОО ортасында өткерилген «Жалаладдин избасарлары» таңлаўында ҚМУ биринши орынды ийеледи (+фото)

2018-жылдың 20-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқары оқыў орынлары арасында «Жалаладдин избасарлары» таңлаўы өткерилди. Таңлаўға жоқары оқыў орынларынан әскерий мүддетти өтеген талантлы, билимли ҳәм қәбилетли студентлер қатнасты.
Бул таңлаўда 1-орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы, ал, 2-орынды Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы, 3-орынды Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының студентлеринен дүзилген командалар ийеледи.
Таңлаў 5 шәрт тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2017-жыл 29-декабрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында әскерий административлик сектор жумысларын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 264-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 5-февраль күнги баянламасындағы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм усы тийкарда жоқары оқыў орнында билим алып атырған студентлер ортасында өткерилди.

ЖОО ортасында өткерилген «Жалаладдин избасарлары» таңлаўында ҚМУ биринши орынды ийеледи (+фото)

ЖОО ортасында өткерилген «Жалаладдин избасарлары» таңлаўында ҚМУ биринши орынды ийеледи (+фото)

ЖОО ортасында өткерилген «Жалаладдин избасарлары» таңлаўында ҚМУ биринши орынды ийеледи (+фото)


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...