Бурынғы өткен заманда қурғын жасайтуғын адам болып, оның үш баласы бар екен. Арадан ўақыт өтип ол қартайыпты ҳәм бар байлығын балаларына теңдей етип бөлистирип бермекши болыпты. Ҳәммесин бөлистирип берипти, бирақ, бир гәўҳар тасты бөлип бере алмапты. Сонда әкеси балаларына «егер қайсы бириңиз басқа ҳешким ислей алмайтуғын әмелди орынласаңыз гәўҳар тасты соған беремен», - депти. Арадан бирнеше күн өтип туңғыш баласы әкесиниң алдына келипти. Әкеси: «Қандай әмел орынладың?», - деп сорапты. Сонда туңғыш баласы: «Маған бир бай адам бар байлығын аманат етип берип кетти. Оның аманат бергенин я бир ҳүжжет, я бир де бир гүўа адам тастыйықламайды. Ол аманатын сорап келгенде мен бермеўиме де болатуғын еди, бирақ, мен олай етпедим», - дегенде, әкеси: «Балам, аманат басқаның мүлки. Оған қыянет етиўге ҳақың жоқ. Сен бул әмелиң менен гәўҳар тасқа ылайықлы емессең», - депти. Изинен ортаншы баласы келипти. Оннан не ислегенин сорағанда, ол: «Айланып жүрип дәрьяның бойына барып қалыппан, қарасам дәрьяға бир бала ығып баратыр екен, оны қутқарып үйине алып бардым, ол анасының жалғыз баласы екен», - деп мақтаныпты. Сонда әкеси: «Балам, сен де бул исиң менен гәўҳар тасқа ылайықлы емессең, өйткени, сен қутқармағаның менен оны басқа биреўлер қутқаратуғын еди», - депти. Кейин генже баласы келипти. Әкеси оннан қандай әмел ислегенин сорағанда, ол: «Дәрьяның суўы көтерилип атыр еди, оның жағасында болса, маған күн бермейтуғын, алдымнан шығып, ҳәр қашан жумысларыма кесент ететуғын душпаным уйқылап атыр екен, мен оны оятып басқа жерге барып уйқылаўын айттым, ол бираз ойланып турды да, маған миннетдаршылық билдирип кетти», - депти. Сонда әкеси «Гәўҳар тасқа ылайықлы балам сен екенсең. Душпанын досқа айландыра алған адам ғана өз мурат-мақсетине ерисе алады», - деген екен.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова