Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2018 10:11
  • 2102

Базаршы жигит пенен ақыллы қыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Базаршы жигит пенен ақыллы қыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Бурынғы өткен заманда бир бийдиң жалғыз улы болыпты. Бир күни бий алыс сапарға шыққанда ақылсыз улын сынамақшы болып, оннан: «Қарағым, жолды қалай қысқартыўға болады?» дегенде, ол жуўап бере алмай қалыпты. «- Ўай, ақылсыз, мазалы әңгиме айта билсең жолдың қысқарғаны сол емес пе?», - деп қатты күйинген бий ойланып-ойланып бир шешимге келеди.
Бир күни улының алдына жүз саўлық салып, базарға айдатады. Кетер алдына шәртин айтады:
- Балам, мына малды базарда ретин таўып үш рет сатып, пул етерсең. Бир рет сатсаң сен маған бала емессең, үйге келмей-ақ қой!
Әкесиниң қатал сынағына ушыраған бала малын айдап базарға келсе, сатып алыўшылар да көп екен. Саўлықлардың баҳасын сорағанларға:
- Ҳәр басын үш рет сатаман, - дейди ийеси. Ҳаў, бир қойды үш рет сатқанды қайда көрип едиң? – деп таңланған базаршылар терис айланып кетеберипти.
Күн артынан күнлер өте береди. Малы өтпей әбден шаршаған жигит малларының қасына бүккесине түсип жата береди.
Жигиттиң муңлы жүзин көрип, аяп кеткен бир қыз оған:
- Неге соншелли қапасаң?, – деп сорады. Бала болған ўақыяны толық баян етеди. Ўақыяға түсинген қыз былай депти:
- Қораңдағы малды үш рет сатыў ушын мениң айтқанымды булжытпай орынлаўың керек. Алды менен анаў тоғайдан ағаш кесип әкелип, қораңды соқ. Қойды соған қамайсаң. Ўақыт өтип, мезгил жеткенде, қораң қойға толады, малдың жүни өседи. Соннан кейин қойды бир сат, жүнди еки сат. Малыңның өзин және сат. Бир басты үш рет сатыў дегени усы.
Қыздың ақылына қуўанып кеткен жигит дәрриў иске кириседи.
Күн демей, түн демей мийнет етип, ақырында қалтасын ақшаға толтырып үйине келеди.
Баласының олжа менен оралғанын билген бий оның бундай ақылды кимнен үйренгенин билгиси келеди. Жигит сырын бүкпей шынын айтады.
Бий излеў салып жүрип, ақылына көрки сай сол қызды улына әперипти. Соннан кейин бийдиң баласы менен ақыллы қыз өз алдына шаңарақ тигип, дәўлетли ҳәм бахытлы болып, узақ өмир сүрген екен.

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге