Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.04.2018 10:30
  • 1977

Ақыллы қумырысқа (Аңызлар тилге киргенде…)

Ақыллы қумырысқа (Аңызлар тилге киргенде…)

Сулайман патша қумырысқаның турқы-сымбатына қарап қызықсынып оннан сорапты:
- Басың неге үлкен?
- Ақыллыман, тақсыр, - депти қумырысқа.
- Қуйрығың неге үлкен?
- Қарыўлыман, тақсыр, -
- Белиң неге жиңишке?
- Қанаатшылман, тақсыр.
- Ақыллы болғанда не ислейсең?
- Мен қыстың ғамын жазда ойлайман. Қыста керекли болған затларды жазда жыйнап қояман.
- Қарыўлы болғанда қанша зат көтересең?
- Өзимниң аўырлығымнан жүз еседен артық зат көтеремен.
- Қанаатшыл болғанда қанша жейсең?
- Жылына бир арпа жеймен.
Буны сынап көрмекши болған сулайман Патша бир арпа менен бир жылға ўәделесип қумырысқаны көмипти. Бир жылдан кейин ашып алыпты. Қараса бир арпаның ярымын ғана жеген екен.
- Сиз неге бир арпаны толық жемедиңиз?
- Тақсыр, сиз мени көмгениңизди умытып кете ме деп және бир жылға мөлшерлеген едим, - депти қумырысқа.
Сонда патша қумырысқаға «Сиз ҳақыйқатында да ақыллы қумырысқа екенсиз», - депти.

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

    Үлкен Гүрдирсин қорғаны бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер, эрамыздың III, XII-XIII әсирлерине тийисли археологиялық естелик

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы елимиз бойлап көтериңки руўхта белгиленбекте. Барлық билимлендириў орынлары сыяқлы...