Көзге көринбейтуғын қырыўшылар, атом суў асты кемелери, разведка кемелери ҳәм ушатуғын кемелер – булардың барлығы Қытай Халық Республикасының қүдиретин көрсетиў ушын әшкара айтылмақта. Әлбетте, Қытайдың ең дәслепки атом суў асты кемесиниң артықмаш жери жоқ еди. Өткен әсирдиң 70-жылларында ислеп шығылған кемениң шаўқымы бәлент болып, суўдың астында оқ ата алмайтуғын еди, команда болса радиация тәсирине дус келетуғын еди. Бүгинлигинде оны музейде көриў мүмкин, деп жазылған Quartz басылымына тийкарланып Kun.uz
тарқатқан мағлыўматта.
Бирақ, Қытай өткен ўақыт даўамында әскерий техника ислеп шығарыў тараўында бирқанша алға илгериледи. Мәмлекеттиң заманагөй суў асты кемелери техникалық көрсеткишлери менен ҳәттеки АҚШты да тәшўишке салмақта. ҚХР болса бул нәтийжелер менен шекленип қалғаны жоқ. Ол суў асты кемелерин ислеп шығарыў ушын дүньядағы ең үлкен кеме ислеп шығаратуғын завод қурмақта.
Әскерий тараўдағы табыслар тек ғана суў асты кемелери менен өлшенбейди. Қытай елеге шекем көплеген тараўларда АҚШтан бирқанша артта қалған, оның экспорт ушын ислеп шығарып атырған қуралларының исенимлилик дәрежеси бирнеше сораўларды пайда етпекте. Бирақ, оның айрым әскерий техникалары үлкен соқлығысыўларда аўыр ақыбетлерди келтирип шығаратуғыны белгили. ҚХР басшысы Си Жингпингниң әскерий тараўды модернизациялаў бағдарламасы толығы менен әмелге асырылмақта.
«Ушатуғын кеме»Өткен ҳәптеде дүньядағы ең үлкен самолёт-амфибияның пәрўаздан алдынғы сынақлары өткерилди. Қытай мәмлекетлик авиация корпорациясы тәрепинен ислеп шығылған AG600 өлшеми бойынша Boeing 737 ҳаўа кемесине сәйкес келеди ҳәм теңизде ушып-қоныўға қәнигелескен. Соның менен бирге, ол қурғақлықтан да ҳаўаға көтериле алады. Компания мағлыўматларына қарағанда, бул самолёт теңиздеги қутқарыў жумыслары ҳәм тоғайдың өртениўине қарсы гүресиўде қолланылады. Ол 20 минутта 12 тонна суўды бортына тартыўы мүмкин. Бирақ, Пекинниң Қубла Қытай теңизине аймақлық жақтан даўагерлиги есапқа алынса, 50 жолаўшы ҳәм 4,5 мың км.ге шекем пәрўаз ете алатуғын самолётты теңиздеги патрульлик жумысларында қолланыў үлкен нәтийже берери сөзсиз. Оның қурғақлық үстинен дәслепки пәрўазы усы айда әмелге асырылады, теңизден ҳаўаға көтерилиўи усы жылы болып өтеди.
«Қытайда ислеп шығарылған» авиатасыўшы кемеҚытай көп жыллар даўамында тек бир дана авиатасыўшы кемеге ийе болып келди. Буның себеби оғада әпиўайы. Өйткени, «Ляонин CV-16» совет дәўириндеги Украинаға тийисли кемениң қайта үскенеленген формасы еди. Бирақ, өткен ҳәптеде Қытай өзи ислеп шығарған дәслепки авиатасыўшы кемесин таныстырды. Далянь портында турған ҳәм ҳәзирше аты жоқ кеме де Америка кемелеринен техникалық мүмкиншиликлери жағынан арқада қалады. Атап айтқанда, самолётларды тезлестириў ушын хызмет ететуғын катапульталар жетиспейди, ядро жанар майында емес, әпиўайы жанар май жәрдеминде ислейди. Соның менен бирге, бул Қытайдың дәслепки субмариналары сыяқлы уллы келешек ушын дәслепки қәдемлери болыўы мүмкин.
Көринбейтуғын қырыўшы самолётларҚытай өз қырыўшы самолётларын жедел түрде жетилистирмекте. Март айында әскерий қатарға киргизилген J-20 пикиримиздиң дәлили бола алады. Даўыстан да тез ушатуғын самолёт стелс технологиясы, жетилискен радиолокация, сенсор үскенелери ҳәм ушыўшыға самолёттың артын көриў мүмкиншилигин беретуғын 360 градуслы әжайып шлем менен үскенеленген. Ол Американың F-22 Raptor самолётына уқсас, бирақ, ҳәзирше стелс технологиясы толық сынақтан өтпеген. Бирақ, Қытай және бир жаңа самолёт – J-31 қырыўшысын сынақтан өткериўди баслаған.
Жаңа разведка кемесиҚытай январь айында тағы бир жаңа әскерий техникасын пайдаланыўға усынды. Радиотехникалық разведка менен шуғылланатуғын CNS кемеси «Кайянсин» бирнеше имаратларда барлық мәўсимлерде күни-түни нәўбетшилик етиўи мүмкин. Қытай кемени таныстырыў салтанатында разведка флоты жөнинде көплеген мағлыўматларды әшкар етти. Ҳәзирги ўақытта Қытайда усы мақсетке хызмет ететуғын 6 кеме бар екенлиги белгили болды. АҚШта болса бул көрсеткиш 15 ке тең. Пекин басқа мәмлекетлердиң Қытайдың әскерий қүдирети ҳәм мүмкиншиликлери ҳаққында пикирлери пайда болыўын қәлегени ушын усындай әшкаралықты қолланған болыўы да мүмкин.
Узақ аралыққа уша алатуғын «ҳаўа-ҳаўа» типиндеги ракетаБул типтеги ҳәр қандай ракета саўаш майданында душпан самолётларын атып түсириўи керек, деп болжанады. Оның кең аймаққа уша алыўы болса, қосымша үстинликти тәмийинлейди. Январь айында Қытайдың China Daily мәмлекетлик басылымы узақ аралыққа уша алатуғын жаңа «ҳаўа-ҳаўа» типиндеги ракета ҳаққында мақала жәриялады. Қытай әскерий экспертлериниң пикиринше, ол 400 км аралыққа шекем уша алады. Соның менен бирге, бул ракеталар АҚШтың усы типтеги ракеталарын арқада қалдырады.