Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2017 11:22
  • 2217

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Сулыў көриниў ушын көбинесе ден-саўлыққа зыян болған кийимлерди кийиўге, тағыншақларды тағыўға туўра келеди. Бирақ, ҳәм ден-саўлыққа зыяны жоқ, ҳәм сулыў көриниўге жәрдем беретуғын усыллардан айырымларын Adme.ru көрсетип өтти.

Джинсы кийиў усылы

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Тар джинсылар ҳаял адамның ден саўлығына зыян, шыпакерлердиң берген мағлыўматларына бола, тар кийимлер жумыс ўақтында адам өзин еркин сезиўге кесент етип, ашыўланыўға себеп болады.

Үлкен аўыр сумка

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Аўыр сумкаларды көтерген ўақтымызда арқаға ҳәм ийинге зыян тийгизеди. Бул адамның өзин тик услап жүриўине кесент етеди.

Бийик каблуклар

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Бийик каблуклар күн бойы биймәлел жүриўге қолайсызлық туўдырады. Әдетте 2-3 см бийикликтеги аяқ кийимлерди таңлаған мақул.

Юбка-карандаш

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Тар юбкаларда жүриў бираз қолайсыз. Сонлықтан, кеңирек, бирақ сулыў юбкаларды кийген мақул.

Аўыр тағыншақлар

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Аўыр сырғалар қулақлардың тесигиниң үлкейип кетиўине себеп болады. Сонлықтан, жүдә жеңил болған сырғаларды таңлаў керек.

Үлкен кирпиклер

Ден-саўлыққа зыян келтирмей сулыў көриниўдиң 6 усылы

Кирпиклерди жүдә қалың бояў ҳаяллардың «қуўыршақ»қа уқсап қалыўына себеп болады. Сонлықтан, кирпиклерди де өз жолы менен бояған мақул.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят