Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.03.2018 22:42
  • 1902

«Жас журналист-2017» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

«Жас журналист-2017» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

Усы жылдың 26-27-февраль күни Пайтахтымызда жайласқан Жаслар орайында «I Жас журналистлердиң медиафорумы» болып өтти. Медиафорумның соңында 2015-жылдан берли Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң студентлери ортасында өткерилип киятырған «Жас журналист» таңлаўының жеңимпазлары анықланды.
Таңлаўға қатнасыўшылар 2017-жылдың январь айынан 2018-жылдың январь айына шекемги аралықта ғалаба хабар қуралларында жәриялаған материаллары менен катнасты. Төменде жеңимпазлар менен танысыўыңыз мүмкин:
«Ең жақсы сын мақала» - журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти Жаҳангер Искендеров;
«Ең жақсы интернет материалы» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Нурсулыў Нурбекова;
«Ең жақсы баспасөз материалы» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Зийўар Хожамуратова;
«Ең жақсы баспасөз материалы» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Улбосын Абатова;
«Ең жақсы интернет материалы» - журналистика қәнигелигиниң 2-курс студенти Гәўҳар Бегжанова;
«Ең жақсы телематериал» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Дилноза Махамбетова;
«Ең жақсы радиоматериал» - журналистика қәнигелигиниң 2-курс студенти Дәмегүл Султанбаева;
«Ең көп мақала жәриялаған автор» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Улзада Қошқарова;
«Балалар турмысын сәўлелендириўши ең жақсы материал» - журналистика қәнигелигиниң 2-курс студенти Парахат Әжимуратов;
«Университет турмысын сәўлелендириўши ең жақсы материал» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Сарбиназ Қудайбергенова;
«Жаслар турмысын сәўлелендирген ең жақсы материал» - журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти Мухайё Ибрагимова;
«Ең жақсы әмелиятшы студент» - журналистика қәнигелигиниң 2-курс студенти Айнура Алишова.

«Жас журналист-2017» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

Усындай таңлаўларды шөлкемлестириўде, студентлердиң теориялық ҳәм әмелий билимлерин жетилистириўде журналистика кафедрасы оқытыўшыларының әсиресе, кафедра баслығы ф.и.к. Злиха Оразымбетованың хызмети айрықша.

«Жас журналист-2017» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

«Жас журналист-2017» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz
Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

    Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа