Telegram karinform

  • 11.05.2017 10:22
  • 2882

Жаңа рубрика қосылды

Жаңа рубрика қосылды

Ассалаўма алейкум, ҳүрметли сайт пайдаланыўшылары!

Ҳәр бир дөретиўши инсанның дөретпесин оқып ямаса тыңлап отырған ҳәр қандай қәлб ийеси оннан өзин излей баслайды. Демек, солай екен ҳәр бир дөретиўши инсан оқыўшыларға ямаса тыңлаўшыларға өз кеўиллерин айна сыяқлы көрсете алыўы зәрүр. Қарақалпақ әдебиятының да турмысты, жәмийеттеги ўақыя-ҳәдийселерди халыққа айна сыяқлы көрсететуғын, бираз фантазия менен уйғынласып кеткен әдебият жанрларының бири – аңыз.
Аңыз сөзлер - белгили бир тарыйхый адамның яки болмаса ўақыяның әтирапында сөз болып, конкрет бир нәрсениң тарыйхын түсиндириў ушын айтылады.
Аңыз сөзлерде де фантазия күшли орынды ийелейди, бирақ ол белгили бир тарыйхый адамның яки ўақыяның әтирапында, конкрет бар нәрсе туўралы болғанлықтан, дыққат орайында реал нәрселер турады да, фантазия екинши планда қалып қояды. Аңыз сөзлер әдебий шығарма болыўы менен бирге, бурын жазыў-сызыў болмаған халықлардың тарыйхын изертлеўде де үлкен материал береди. Сонлықтан, биз усы сайт арқалы қарақалпақ ҳәм басқа да халықлардың аңызлары менен «АҢЫЗЛАР ТИЛГЕ КИРГЕНДЕ» рубрикасы арқалы турақлы түрде таныстырып барыўға ҳәрекет етемиз. Олардан қандай жуўмақ шығарыў өзлериңизге пайлы.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте