Telegram karinform

Экономика

  • 11.05.2017 18:57
  • 2888

Рогун ГЭСи бөгетиниң қурылысы режеге муўапық даўам етпекте

Рогун ГЭСи бөгетиниң қурылыс жумыслары 75 процентке орынланған, ҳәзирги ўақытта станцияның еки агрегатын орнатыў жумыслары жүргизилмекте.
10-май күни Тәжикстан президенти Эмомалы Раҳман Рогун гидроэлектростанциясы курылысының барысы менен танысқан. Ол қурылыс жеделлигине унамлы баҳа берген. Тәжикстан басшысы биринши гезекте Вахш дәрьясының өзени иркилген жерди барып көрген. Бөгеттиң биринши бөлимин қурыў ушын зәрүрли болған топырақтың улыўмалық муғдары 2,7 миллион кубометрди қурайды. Италияның «Салини Импреджио» компаниясы дәрья өзениниң иркелгенинен берли қурылыс материалының көпшилик бөлегин – 2 миллион кубометрин пайдаланып болған. Соның менен бирге, жер астында да монтажлаў және орнатыў жумыслары жүргизилмекте. Усы күнге шекем бөгетке 47 сынақ үскенелери орналастырылған. Жойбарға муўапық, бөгеттиң иске түсиўи ушын Европадан 32,2 мың кубометр геомембрана (қурылыс материалы) алып келинген.

Соның менен бирге, президент Т-22 транспорт туннелиниң қурылыс жумыслары менен де танысқан. Ҳәзирги ўақытта бул туннельдиң қурылыс жумыслары жуўмақланған.
Тәжикстанда Рогун ГЭСи бөгетиниң қурылысы (дүньядағы ең үлкен суў бөгети – 335 метр) өткен жылдың октябрь айының ақырында басланған еди. Рогун ГЭСи Вахш ГЭС каскадының тоғызыншысы болып, Душанбеден 110 километр қубла-шығыста жайласқан. Жойбарлық қуўатлылығы – 3600 МВт, орташа жыллық өндирис – 13,1 миллиард кВт/саат. ГЭС имаратында ҳәр бириниң қуўатлылығы 600 МВтқа тең болған алты дана радиал-оқлы гидроагрегат орнатылады.
Бөгет қурылып болған соң, оның артында 13,3 километр куб толық көлемге, 10,3 километр куб пайдалы көлемге ийе болған Рогун суў сақлағышы жүзеге келеди. Жойбардың толық қурып питкерилиўине 2,2 миллиард доллар, биринши гезегиниң қурып питкерилиўине 590 миллион доллар сарпланыўы айтылмақта. Рогун ГЭСиниң биринши агрегаты 2018-жылдың ақырында, екиншиси болса 2019-жылдың апрелинде иске қосылыўы күтилмекте.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў