Forbes Kazakhstan журналы Қазақстанның ең бай 50 бизнесмениниң дизимин жәриялады, деп
хабарлады Daryo.uz. Биз төменде олардың төртеўи ҳаққында тоқталамыз.
1-орын. Владимир Ким. Жәми байлығы 2,5 миллиард доллар. Реңли ҳәм қымбат баҳалы металларды қазып алыў және қайта ислеў менен шуғылланатуғын KAZ Minerals топарының президенти.
2-орын. Болат Утемуратов. Жәми байлығы 2,4 миллиард доллар. Қазақстан теннис федерациясының баслығы, ири инвестор (ForteBank, Beeline Казахстан, Sky Mobile).
3-орын. Тимур Кулыбаев (Қазақстан президенти Нурсултан Назарбаевтың күйеў баласы). Жәми байлығы 2,2 миллиард доллар. Kazenergy ассоциациясының баслығы.
4-орын. Динара Кулыбаева (Қазақстан президенти Нурсултан Назарбаевтың ортаншы қызы, Тимур Кулыбаевтың өмирлик жолдасы). Жәми байлығы 2,2 миллиард доллар.
Қазақстанның ең бай 50 бизнесменине тийисли дүнья-мүлк 22,3 миллиард долларға жеткен. Бул Қазақстан улыўма ишки өниминиң 116 процентинен көбирегин қурайды.