
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшылары менен өткерген видеоселекторда тойларды сынға алды, деп хабар берди kun.uz:
«Бас ўәзирден баслап ҳәкимге шекем атқарыў органы басшыларына той-мәресимлерге барыў қадағаланады. Шайханалардың жанында мәмлекетлик автомобиль турғанын көрсем, сол күни жумыстан шығасыз. Той ең көби менен 150-200 адамға арналған болады. Ҳеш бир басшы, меннен баслап, туўылған күнди де, тойды да белгилемейди».
Сондай-ақ, Президент дәбдебели той берип атырғанларды ҳәм сол тойларда мийман болып атырған басшыларды айыплады:
«Болды, енди ол дәўирлер өтти, адамлардың ғарғысын алып атырсыз. Мәресим де, той да баслықларсыз болады. Бас ўәзир барады өзиниң жәрдемшилерин ертип… Сен сол 20 килограмм гөштиң пулына бир кембағалдың үйине барып краскалап бер, телевизор алып бер, инсапсыз. Болды енди, обедте саат бирден екиге шекем той, кеште қайсы ресторан той қылса, сол ресторанды жаўамыз», - деген Президент.
Сахибжамал Есемуратова