
Америкалы алымлар шоколадтың жаңа пайдалы тәрепин анықлады. Шоколадтың қурамында болатуғын химиялық затлар адам организминиң вируслық кеселликлер менен гүресиўине жәрдем беретуғынлығын хабарлады, деп жазады life.ru.
Изертлеўшилер жүзим менен какаоның қурамынан «ресвератрол» деп аталатуғын химиялық элементти анықлаған. Ол соның менен бирге антивируслық хызметти де атқарады. Қәнигелер бул затлардың қурамын тексериў ушын ресвератролды вирус пенен кеселленген адам клеткаларына салып көрген. Буннан соң кеселде вируслардың көбейиўи тоқтаған.
Сондай-ақ, британиялы алымлар ресвератролдың қартайған клеткаларды жасарта алатуғыны да дәлийллеген еди.
Сахибжамал Есемуратова