Telegram karinform

Мақала

  • 13.04.2017 22:58
  • 3158

Көзлерим жолда, қыялым айда

(61 маршрут туўралы)

Мен негизинде жети адамды өз қушағыма сыйдыра аламан. Бул кеўлимниң тарлығынан емес, бәлким имканиятларымның шекленгенлигинен. Лекин, әдетте 10-12 адамды көтерип мәнзилиме қарай жол аламан. Ҳәзир болса он үш адам мениң жолдасым. Олардан биреўи мени басқарады, анығырығы жол көрсетеди. Ал, қалғанлары болса ўақтынша досларым.
Бүгин ҳәмме инсан ҳәм буйымларға имканиятлар есиги ашық. Бирақ, бул есиктен тек мен ғана ишке кире алмайтуғындайман.
Ҳәр сапары мәнзилге жол алғанымда табаным тартпай, зорға ҳәрекетленемен. Тисимди-тисиме қойып шыдайын десем, олар бир-бирине сақыр-сақыр етип тийип, мазамды алады. Бирақ мениң саўлығымды ойлайтуғын адам жоқ. Жолларымныӊ тегис болмағаны аздай, оның үстине көшелер де қап-қараңғы. Балалығымнан түнде жүриўге қорқаман. Қәне, енди жолларымды жақтыландырыўшы нур – шырақлар болғанында өз мәнзилиме мен де, жанымдағылар да қыйналмай жеткен болар едик.
Айтпақшы, мениң және бир жолдасым бар. Бизлер тек екеўмиз. Екеўимиздиң жүрер жолларымыз да, тәғдиримиз де бирдей. Гейде ойға таламан: «неге тек бизлер усындай азаплы тәғдирге көнип жасаўымыз керек. Биз буған мәжбүрмиз бе? Не гүнамыз себепли өмиримиз бундай аўыр қысыўметте өтиўи керек?» Сораўлар бар, жуўап жоқ.

Көзлерим жолда, қыялым айда

Басқа өзим сыяқлы заманласларыма қатты ҳәўесим келеди. Мәселен, сегизбай, төртжан, үшгүл, алтыхан, бесбайларға қудай берген имканиятларды санасаң сан жетиспей қалатуғындай. Буның ишинде қасық айланбайды екен-ғой деп ойламаң. Қызғаныш емес, ҳәўес көзи менен қарап атырман. Бизлерге де сондай имканиятлар жаратылғанда деп әрман етемен. Бирақ мениӊ де олар ҳәўес еткендей тәреплерим бар. Мәселен, олардың көпшилигиниӊ таяғын ийт ғайзап жүргенде, мени интизар болып күтиўшилер көп болады. Базы да адамлардың еки көзи төрт болып, мени көрсе тайда туяқ қалмай, қушақ ашып жуўырысады. Әлбетте, мен буған иш ишимнен қуўанаман. Аўа да, досларыӊның көп болыўы қандай жақсы. Бирақ бәри-бир ишимди кемирип жүрген бир дәртим бар. Мени сол қыйнайды.
Дәртимди кимге айтсам да, оны жеңиллетиў ҳаққында айтып, тили менен орақ орады. Дәртлерим болса адамлардыӊ бир қулағынан кирип, екиншисинен шығып кетебереди. Әйтеўир, мениң пәраўан турмыс кешириўим түйениң қуйрығы жерге тийиўин күтип турған болмаса болар еди-аў.
Бул неси тырнақ астынан кир излеп атыр деп ойламаң. Усы ўақытқа шекем аўзыма қатық уйытып, жанымды келиге қамап, оны қоярға жер таппай, дәртимди айтайын десем жүрегим даўамай жүр едим. Бирақ, енди қырқына шыдап қырқ бирине шыдамайжақпан. Себеби, жасым да бираз жерге барып қалды. Өз ўазыйпамды орынлай алмайтуғын болғанлықтан, мениң орныма басқа жасырақ, аўзының сарысы кетпеген балларды хызметке алсаңыз деген өтиниш пенен ишим жанғанынан, дәртимди дәстан етип отырман. Нийетим, өзимнен кейинги әўладларға жақсы имканиятлар жаратылыўын көриў. Көрпеме қарап аяқ созып жүр едим, бирақ енди аяқтың ушын көрпеден шығарыў ўақты келгендей. Шынын айтсам сабыр кесам толды.
Дурыс таптыңыз, мен қой аўзынан шөп алмайтуғын алпыс бирбайман.

Есемуратова Сахибжамал
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Транспорт басқарыўшыларының автомобилди пиядалар жолларынан (тротуар) жүргизиўи, пиядаларға ылай шашыратыўы базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлеги...

Субсидия тийкарында алынған үй-жай кредити ушын ажыратылған қаржыдан дәрамат салығы алынбайды

Субсидия тийкарында алынған үй-жай кредити ушын ажыратылған қаржыдан дәрамат салығы алынбайды

                                                                                                                                        Фото:uzа.uz     Усы жылдың 22-сентябрь сәнесинде «Ипотека кредитинен пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў ис-ылажлары ҳаққында»ғы Президент

Оқыўшы-жаслар ҳәм студентлер ушын «Заковат стипендиясы»н бериў тәртиби тастыйықланды

Оқыўшы-жаслар ҳәм студентлер ушын «Заковат стипендиясы»н бериў тәртиби тастыйықланды

2022-2023-оқыў жылынан баслап «Заковат» интеллектуал ойыны ҳәм басқа интеллектуал ойынлардың республикалық басқышында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы...