Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2017 18:43
  • 2305

ҚМУ студентлери «Тафаккур синовлари» таңлаўының финаллық басқышына жоллама алды (+фото)

Алдын хабар бергенимиздей, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Еркинлик қанатлары» командасы «Тафаккур синовлари» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында 1-орынды ийелеп, аймақлық басқышқа жоллама алған еди.


Бүгин, яғный 20-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында таңлаўдың аймақлық басқышы болып өтти. Оған өз аймағында жеңимпаз деп табылған Бухара мәмлекетлик медицина институтының «Тараққиёт», Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Еркинлик қанатлары», Наўайы кәншилик институтының «Баркәмал әўлад» ҳәм Үргениш мәмлекетлик университетиниң «Әл Хорезмий әўладлары» командалары қатнасты.





Таңлаў бағдарламасында белгиленген 4 шәрттиң жуўмағына муўапық, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Еркинлик қанатлары» командасы жәми 151,5 балл топлап, жеңимпаз деп табылды ҳәм өз тарийхында биринши мәрте таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышына жоллама алды.





Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў