Telegram karinform

Мәденият

  • 29.05.2017 12:21
  • 2482

«Дурыс жуўап» (фельетон)

«Дурыс жуўап» (фельетон)
Жәҳән чемпионатына сайлап алыўдың соңғы басқышын және де жақсырақ өткериўди нийет еткен Самвел Бабаянның басы қатыпты. Не ислесе екен? Ақыры шешим таўыпты, барып, Луис Энрикеден мәсләҳәт сорайды. Өйткени, ол ақырғы жылларда оғада көп табысларды қолға киргизди. Бийкарға емес шығар. Бул пикир сайланды командалар орайына да мақул болыпты ҳәм тез түрде Бабаянды Испанияға жиберипти.
- Луис, инишек, саған таң қаламан. Ойынларыңды көрип заўықланаман.
- Рахмет.
- Расы, мениң командам да «Барселона»дай болып ойнаўын әрманлайман. Мәсләҳәт берсеңо, не ислесем, сизлердей болып ойнай аламыз?
- Буның жолы аңсат, - депти Луис Энрике.
- Хош?
- Тийкарғы қурамға ойыншы сайлап атырғанда нелерге дыққат аўдарасаң?
- Ну, мәселен, легионер екенлигине. «Пахтакор»да ойнайтуғын болса да, жақсы себеп. Жасырақ болса, және де жақсы, аты шықса сырт елге сатып жибериў мүмкин.
Луис Энрикениң бети қызарып кетипти ҳәм каталоншасына бир затларды мыңғарлапты.
- Ондай болмайды-ғо, - депти Бабаянға қарап, - мәселен, мен футболшылардың ақылый қәбилетине де айрықша итибар беремен. Ақыллы футболшылар тактиканы да жақсы түсинеди.
- Зор екен, рахмет.
Усылайынша Бабаян кетип қалыпты. Бирақ, ярым жолдан тағы изине қайтыпты. Сайланды командалар орайы ярым жолдың билетин де шөлкемлестирип берипти. Оларға да үлкен рахмет айтамыз.
- Луис, бирақ, мен олардың қай бири ақыллы екенлигин қай жерден билемен?
- Буның жолы аңсат, - депти Энрике ҳәм алдына Букетсти шақырыпты, - минекей, Бускетс командамдағы ең ақыллы ойыншыларымның бири. Мен оған логикалық сораў беремен ҳәм қайтарған жуўабына қарап анықлайман.
- Қәнекей, көрейик онда.
- Серхио, маған айт, - Бускетске қарапты Энрике, - әкеңниң баласы, бирақ сениң әжаған да, үкең де емес. Ол ким?
- Ким болатуғын еди, мен, - деп жуўап берипти Бускетс.
- Әжайып, - депти Луис Энрике.
- Әжайып, - депти Бабаян.
Тренеримиз кеўли толып үйге қайтыпты. Тезлик пенен алдына Станислав Андреевти шақырыпты.
- Стас, маған қара, болды, ҳәммеси өзгереди, енди сайланды командада ойнаўға ылайықлы екениңди дәлиллеўиң керек.
- Бопты, устаз, не ислеўим керек?
- Енди қурамды жаңаша усылға муўапық сайлаймыз. Барлық ойыншыларға логикалық сораў берип, дурыс жуўап бергенлерди қурамға аламыз, түсиндиң бе? Саған сораў: әкеңниң баласы, бирақ, әжағаң да емес, үкең де емес, ол ким? Ўақыт кетти.
Станислав Андреев дым көп ойланыпты. Ойлана берипти, ойлана берипти. Тренер оған ертеңге шекем ўақыт берип, шығарып жиберипти.
Ойға талған Андреев жолда баратырса, Гейнрих турған екен.
- Эҳ, Саша, сени маған қудайдың өзи жеткерди.
- Аманлық па, Стас?
- Самвел аға маған бир сораў берди. Дым қыйын екен. Соны таба алмасам, сайланды командаға шақырмайды екен. Басым аўырып кетти.
- Хош, қандай сораў екен?
- Қара, әкеңниң баласы, бирақ, сениң әжағаң да, үкең де емес. Ким ол?
- Эҳ, соны да таўа алмадың ба? Ким болатуғын еди, мен-ғо.
- Әжайып, - депти Андреев ҳәм Бабаянның алдына жуўырып кетипти.
- Таптым, устаз, таптым! – деп қыйғырып келипти Андреев.
Бабаян менен Асқар Толибжонов болажақ дослық ойынларын додалап, яғный шәй ишип отырған екен.
- Ҳе, буншама не, аманлық па?
- Устаз, бағанағы сораўыңызға жуўап таптым.
- Яғай, маладес, қәнекей айт, әкеңниң баласы, бирақ, саған әжаға да, үке де емес, ким болады ол?
- Гейнрих, устаз, Гейнрих!
Бабаянның температурасы көтерилип кетипти. «Иван Васильевич өз кәсибин өзгертеди» фильминдеги патшаға уқсап бақырыпты:
- Жоқ боооооооооооооооллллл!!!
Станислав Андреев қашып кетипти.
- Ҳе, Самвел, аманлық па?
- Қарасеш, Асқар аға мынаны. Гейнрих дей ме, ҳаў, дурыс жуўап Бускетс еди.

Қаҳрамон Асланов.

Facebook тармағындағы «Файзбоғ» бетинен алынды.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен