Telegram karinform

Сиясат

  • 29.05.2017 14:10
  • 2461

Арқа Корея гезектеги ракетаны ушырды


Қубла Кореялы әскерлер Арқа Кореяның ракета ушырғанын хабарлады. Бул ҳаққында Yonhap агентлигине тийкарланып, Kun.uz мағлыўмат берди.
Хабарда жазылыўынша, Қубла Корея президенти Мун Чже Ин усы мүнәсибет пенен қәўипсизлик кеңесин шақырыўға буйрық берген.
Қубла Корея штаблары баслықларының бирлескен комитети белгисиз түрдеги ракетаның Арқа Кореяның Вонсан қаласы жанынан шығыс тәрепке ушырылғанын мәлим етти. Комитеттиң хабарлаўынша, ракета 450 км аралықта ушып өткен ҳәм ол орта және киши аралықларға арналған ракета деп баҳаланған.
Токиода ракета Японияның экономикалық аймағына түскени айтылмақта.
АҚШ әскерлери де ракета ушырылғанын көрген. АҚШтың Тыныш океаны командованиесиниң (РАСОМ) мағлыўматларына қарағанда, ракета Ташкент ўақты менен 29-май күни саат 01:40 ларда ушырылған.
«Ракета Япон теңизине түскенге шекем 6 минут даўамында бақланып барылған», - деп айтылған хабарда.
«Арқа Америка ҳаўа-космослық қорғаныў командованиесиниң баҳалаўынша, Арқа Кореяның ракетасы Арқа Америкаға қәўип салмаған», - деп айтылды РАСОМ да.
Токио ракета ушырылыўы мүнәсибети менен өз наразылығын билдирди.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

    Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун,