
Усы жылдың 14-март сәнесинде пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Жаслар пресс клубының 3-сессиясы болып өтти.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы баслығы Қ.Нағметов, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Е.Қанаатов, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң бөлим баслығы Б.Жийемуратов ҳәм “Нөкис ФМ” радиостанциясы және “Жаслар ТВ” телеканалының директоры Б.Елманов, “Қаракалпақстан” телеканалының директоры Н.Жақсымуратова, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, жас журналистлер ҳәм блоггерлер қатнасты.

Сессияда халықаралық ҳәм жергиликли журналистиканың раўажланыў перспективалары және машқалалары, оларды шешиў бойынша пикир-усыныслар ортаға тасланып, тараў ўәкиллери менен сораў-жуўаплар өткерилди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Ислам Матеков.